Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң мағлыўматларына қарағанда, республикамызда ҳәзирги ўақытта усы министрликке тийисли 611 мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси (МШБМ) бар. Соннан, 382си мәмлекетлик, жетеўи мәмлекетлик емес, 47си мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарындағы, еки шөлкемге тийисли 173 шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги мәкемелер болып есапланады.
Усы жылдың 15-сентябрь ҳалатына республикамыз бойынша 3-7 жастағы балалардың саны 155 мың 561 ге жеткен. Соның 74 мың 597 си МШБМде тәлим-тәрбия алмақта.
– Министрлигимиз тәрепинен кейинги жылларда Президентимиздиң басламасы менен ҳәр бир мәкан пуқаралар жыйынында, ҳәр бир аўылда мектепке шекемги билимлендириў мәкемесин шөлкемлестириў бойынша басқышпа-басқыш, режели түрде жумыслар әмелге асырылмақта,-дейди министрликтиң бөлим баслығы З.Ережепова. – Бүгинги күнде министрлигимизге қараслы МШБМниң 79 филиалы бар. Ҳәзирги ўақытта олардың барлығы инвентаризациядан өткерилип, шараятлары қанаатланарлы, деп табылған 60 мәкемениң филиалларына юридикалық статус берилди.
Бир қатар жаңа мәкемелер жумыс баслады. Солардың есабынан, өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда МШБМға балалардың қамтылыўы 32,2 проценттен 48 процентке шекем көбейди.
Атап айтқанда, Нөкис қаласындағы 48-санлы мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси жаңадан қурылып, 2018-жылдың июнь айында пайдаланыўға тапсырылды. Усы жылдың апрель айында Нөкис қаласының «Нур» МПЖ аймағынан 120 орынлық «Имкан» реабилитация орайына ийе көп тармақлы қәнигелестирилген мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў мәкемеси шөлкемлестирилди.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 5-апрельдеги «Мектепке шекемги билимлендириў системасын буннан былай да хошаметлеў ҳәм раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы, Министрлер Кабинетиниң 25-июньдеги «Мектепке шекемги билимлендириў тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шерикликти раўажландырыў ушын шараятлар жаратыў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм 22-ноябрьдеги «Мектепке шекемги билимлендириў тараўында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик түрлерин және де кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарарларына тийкарланып, бүгинги күнде жәми 137 мәмлекетлик-жеке меншик шериклик келисимлерине қол қойылған.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 30-июльдеги «Шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери ҳәм шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемелериниң жумысы бойынша рухсатнама бериў тәртиби ҳаққында»ғы 595-санлы қарарының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде бүгинги күнде, интакерлер тәрепинен шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин шөлкемлестириў ушын берилген ҳүжжетлер жумысшы топар тәрепинен үйренип шығылып, ҳүжжетлер топламы Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигине усынылып барылмақта. Соның нәтийжесинде, республикамыз бойынша ҳәзирги ўақытта 189 мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери шөлкемлестирилди. Олар менен бурынғысынан басқаша түрде еки тәреплеме мәмлекетлик-жеке меншик шериклик келисимине қол қойылды.
Бүгинги күнде Қарақалпақстан Республикасы бойынша банк кредитлери ҳәм өзлериниң қаржылары есабынан 47 мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында, 7 мәмлекетлик емес ҳәм 173 шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў мәкемелери өз жумысын баслады.
Соны да айтып өтиўимиз керек, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 2-июльдеги ПҚ-3822-санлы қарарына муўапық, 2018-жылда қурылысы жаңадан басланатуғын, реконструкцияланатуғын ҳәм ири оңлаў жумыслары әмелге асырылатуғын, керекли буйымлар менен тәмийинленетуғын МШБМның Мәнзилли Бағдарламасы тастыйықланған еди.
Усы бағдарлама тийкарында Қарақалпақстан Республикасында, жәми 1085 орынлық 6 бақшада жаңадан қурыў, 2930 орынлық 27 бақшада реконструкциялаў, 3060 орынлық 18 бақшада ири оңлаў жумысларын алып барыў режелестирилген. Бүгинги күнде 51 объекттеги қурылыс жумыслары жуўмақланып, пайдаланыўға тапсырылды.
Өзбекстан Республикасы Бас Министриниң 2018-жыл 18-июльдеги арнаўлы тапсырмасы басшылыққа алынып, «Абат аўыл» бағдарламасы бойынша районлардағы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигине қараслы 18 МШБМда қурылыс, оңлаў жумысларын әмелге асырыў режелестирилген еди. Бирден-бир буйыртпашы хызмети «Инжиниринг компаниясы»на буйыртпашы ўазыйпасы жүкленген. Бул жумысларға жергиликли бюджет есабынан 11 миллиард 115,1 миллион сум қаржы ажыратылып, бүгинги күнде усы барлық объектлердеги жумыслар питкерилип, пайдаланыўға тапсырылды.
Усыған қосымша Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Абат мәҳәлле» бағдарламасы ҳаққында»ғы ПҚ-3812-санлы қарары тийкарында Нөкис қаласында 3 МШБМда қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта. Бул жумысларға жергиликли бюджет есабынан 2 миллиард 330,6 миллион сум қаржы ажыратылған. Қаладағы «Ҳаўа жоллары» МПЖдағы 5-ши ҳәм 7-санлы, «Бес төбе» МПЖдағы 23-санлы МШБМның қурылыс жумыслары жуўмақланды.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 29-марттағы ПҚ-4201-санлы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасында жәми 2019-жылдың «Абат аўыл» бағдарламасы бойынша 26 МШБМның имаратларын реконструкциялаў ушын Республика бюджети есабынан 23 миллиард 732,71 миллион сум қаржы ажыратыў режелестирилип, усы жылдың 1-ноябрь күнине пайдаланыўға тапсырылыўы режелестирилген. Буннан басқа, «Абат мәҳәлле» бағдарламасы бойынша Нөкис қаласы «Қаттыағар» МПЖ аймағындағы 21-санлы МШБМға қурылыс жумыслары ушын 2 миллиард 11,2 миллион сум қаржы ажыратылып, ол да усы жылдың 1-ноябрине шекем тапсырылмақшы.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 19-декабрьдеги ПҚ-4067-санлы қарары тийкарында Қарақалпақстан Республикасында жәми 2019-жылдың Инвестициялық бағдарламасы бойынша 18 МШБМның имаратын реконструкциялаў ушын Республика бюджети есабынан 52 миллиард 871,5 миллион сум қаржы режелестирилип, бүгинги күнде усы объектлердеги қурылыс жумыслары жедел жүргизилип, усы жылдың 1-октябрь күнине пайдаланыўға тапсырыў режелестирилмекте.
Бул жумыслардың барлығы нәтийжели түрде тамамланса, балалардың МШБМға тартылыўы және де артады, деп айта аламыз.
Ә.Жиемуратов,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.