Жоқары билимлендириў мәкемелериниң басшы ҳәм педагог кадрларының қәнигелигин арттырыў системасын буннан былай да жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында Ҳүкимет қарары қабыл етилди.
Қарарға муўапық, 2019-жыл 1-октябрьден баслап жоқары билимлендириў мәкемелериниң басшы ҳәм педагог кадрларының үзликсиз қәнигелигин арттырыў системасы әмелиятқа енгизиледи.
Әдиллик министрлигиниң хабарына бола, бул хызметкерлердиң қәнигелигин арттырыў орайларында Билимлендириў технологиялары кафедрасы шөлкемлестириледи – деп мәлим етпекте kun.uz сайты.
Қарар менен, жоқары билимлендириў мәкемелериниң басшы ҳәм педагог кадрларының үзликсиз қәнигелигин арттырыў процесслерин шөлкемлестириў тәртиби ҳаққында реже де тастыйықланды.
Режеге бола, үзликсиз қәнигелигин арттырыў процеси төмендегилерди өз ишине алады:
қәнигелик бойынша еркин қәнигелигин арттырыў;
альтернатив қәнигелигин арттырыў;
билимлендириў бағдарламалары тийкарында усы кадрларды қайта таярлаў ҳәм қәнигелигин арттырыў орайларында тиккелей оқыў.
Қарақалпақстан хабар агентлиги