2020-жыл 1-марттан баслап автомобильлерге жанылғы қуйыў станциялары (АЖҚС), автомобильлерге газ толтырыў компрессор станциялары (АГТКС) ҳәм автомобильлерге газ қуйыў станциялары (АГҚС) жәмийетшиликтиң мақсетлерине мөлшерленген, күни-түни ислейтуғын, санитария ҳәм қала қурылысы нормаларына жуўап беретуғын санитария-гигиена шақапшалары (ҳәжетханалар) менен тәмийинлениўи керек. Бул Министрлер Кабинетиниң 21-сентябрьдеги қарарында нәзерде тутылған, деп жазады gazeta.uz сайты.
Мәмлекетимиздеги 4000 нан аслам автожанылғы қуйыў станцияларының тек ғана 20 проценти санитария-гигиеналық шақапшалар менен тәмийинленген. Бул болса пуқаралар, соның ишинде, туристлердиң көплеген мүрәжатларына ҳәм шағымларына себеп болмақта.
Бул талапты орынламаған ҳәм кемшиликлерди сапластырмаған станцияларға газ ҳәм нефть өнимлерин жеткерип бериў тоқтатылады, лицензиясы да бийкарланады.
Жанылғы қуйыў шақапшаларының ийелерине оларды саўда ҳәм турмыслық хызмет көрсетиў орынлары, бийпул Wi-Fi зоналары менен тәмийинлеў усыныс етилди.
2020-жылдың 1-сентябрине шекем аймақларда саўда ҳәм хызмет көрсетиў, тез аўқатланыў шақапшалары, Wi-Fi зоналары ҳәм санитария-гигиена узеллери менен тәмийинленген үлгили АЖҚС, АГТКС ҳәм АГҚСлар шөлкемлестирилиўи керек.
Қарақалпақстан хабар агентлиги