Базарлар, дүканларда жасалма усылда, жасырын түрде таярланған салқын ишимликлердиң сатылыўын сапластырыў бойынша илажлар өткерилди. Атап айтқанда, департаменттиң ўәлаятлық басқармасы ҳәм Қувасой қалалық бөлиминиң хызметкерлери Марғилан қаласында өткерилген илажда «Янгиобод» мәкан пуқаралар жыйынындағы турақ жай көзден өткерилди. Сол үйде жасайтуғын Самадбек Саидқаҳҳоров (колледждиң оқыўшысы, аты-фамилиясы өзгертилген) жасалма тәризде ишимлик таярлап сатып атырғаны белгили болды. Гүўалардың қатнасыўында үйдиң қоймаханасындағы жасырын цехтан кислород баллоны, газлестириў ыдысы, бир ярым ҳәм бир литрлик жүзден аслам пластмасса ыдысқа қуйылып таярлап қойылған «Coca-cola», «Pepsi-cola», «Fanta» ишимликлери, қақпақлар, ораў ушын целлофан пакетлер ҳәм басқа да затлар алынды. Ўәлаятлық мәмлекетлик санитариялық-эпидемиологиялық орайы жасалма усылда таярланған бул ишимликлердиң пайдаланыўға жарамсыз екенлиги, қәўипсизлик талапларына жуўап бермейтуғынылығы ҳаққында шешим берди.
– Кислород баллонды ҳәм газлестириў ыдысын Ферғана қаласының Қиргули массивинен сатып алған едим, – дейди айыбын толық мойынлаған С.Саидқаҳҳоров. – Ишимликлерди бир өзим таярлап дүканларға тапсырдым. Марғилан қаласындағы спиртли ишимликлер дүканларына данасын 2000 сумнан саттым. Нызамсыз жол менен дәрамат арттырыўға урынған «исбилермен»ниң қылмысына шек қойылды. Суд жасын, шын кеўилден пушайман болғанын есапқа алған ҳалда оған жарийма жазасын тайынлады.
Бул ҳаққында «Ҳуқуқ» газетасы арқалы Департаменттиң Қувасой қалалық бөлиминиң баслығы Камолжон Юлдашев мәлим етти – деп жазады xs.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги