Бул жағдай бойынша Өзбекстан республикасы Жынаят кодексиниң 276-статьясы (Нәшебентлик ямаса психотроп затларды өткериў мақсетин гөзлемей нызамға қайшы түрде таярлаў, ийелик етиў, сақлаў ҳәм басқа да ҳәрекетлер) 2-бөлими менен жынайый ис ашылып, тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.
Ферғана ўәлаяты Ишки ислер басқармасының берген хабарына қарағанда, усы жылдың 11-сентябрь күни оператив хызметкерлер тәрепинен өткерилген «Қарадәри-2019» илажы даўамында Телимың аўылының турғыны 1973-жылы туўылған В.Н.ның жасаў үйи көзден өткерилгенде, 1 кг. 151 гр. марихуана нәшебентлик затын сақлап киятырғаны анықланып, айғақлық зат сыпатында алып қойылды. Бул ҳаққында ИИМ Жәмийетшилик ҳәм ҒХҚ менен байланыслар басқармасы хабар берди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги