Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүнәсибети менен муғаллимлер ушын автокредитлер акциясы жәрияланды.

UzAuto Motors компаниясы Муғаллимлер ҳәм устазлар күни мүәсибети менен улыўма билим бериў, орта арнаўлы ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң оқытыўшылары ушын Chevrolet Spark ҳәм Lacetti автомобильлерине акция жәрияланды.

6 ай ҳәм 1 жыллық мүддет.

Акция төмендеги шәртлерде мүддетли төлем есабынан сатып алыў имканиятын береди:

Chevrolet Spark    – 70% алдын ала  төлем, мүддети 6 ай;

Lacetti 3-позиция – 60% алдын ала төлем, мүддети 1 жыл;

Мүддетли төлемге автомобиль сатып алыў ушын қарыйдар жоқарыда көрсетилген билимлендириў мәкемесиниң оқытыўшысы екенлиги ҳаққындағы ҳүжжетти көрсетиўи шәрт.

Бул акцияның тийкарғы шәртлеринен бири автомобильди гиреўге қойыў ҳәм қәўип-қәтерден қамсызландырыў.

Шәртнаманы төмендеги диллер кәрханаларынан алыўға болады:

«AS SERVIS» тармақларының дилерлик кәрханалары

«Sergeli Avtotexxizmat» АЖ

«Nurafshon Avtocentr» ЖШЖ

«Qaraqalpaqavtotexxizmet» ЖШЖ

Акция мүддети 30-сентябрьге шекем.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги