Пайтахтымызда «Өзбекистан экономикасын раўажландырыўда ҳаял-қызлар исбилерменлигиниң орны ҳәм әҳмийети» темасында конференция болып өтти.
Илаж «Исбилермен ҳаял» Өзбекистан исбилермен ҳаяллары ассоциациясы тәрепинен Өзбекистан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Халықаралық қатнасықлар, сыртқы экономикалық байланыслар, сырт ел инвестициялары ҳәм туризм мәселелери комитети, Олий Мажлис Нызамшылық палатасының Демократиялық институтлар, мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары комитети, Ҳаял-қызлар комитетиниң көмегинде шөлкемлестирилди.
«Исбилермен ҳаял» Өзбекистан исбилермен ҳаял-қызлар ассоциациясының баслығы Г.Маҳмудова, парламент Нызамшылық палатасының Демократиялық институтлар, мәмлекетлик емес шөлкемлер ҳәм пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары комитетиниң баслығы А.Саидов ҳәм басқалар елимиздеги избе-из реформалардың нәтийжесинде ҳаял-қызлардың исбилерменлиги, олардың жәмийетлик-экономикалық белсендилигин қолап-қуўатлаў мәмлекет сиясаты дәрежесинде көтерилгени, исбилермен ҳаял-қызлар экономикамыздың раўажына мүнәсип үлес қосып атырғанын атап өтти.
АҚШ Халықаралық раўажланыў агентлигиниң Өзбекистандағы директоры Г.Роббинс, ЕҚБШның елимиздеги жойбарлары координаторы Ж.Макгрегор ҳәм басқалар 2017-2021-жылларда Өзбекистан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы басқышы бойынша Ҳәрекетлер стратегиясы шет елли шериклер санының көбейиўине хызмет етип атырғаны, бунда ҳаял-қызлардың хызмет көрсетиў, азық-аўқат, жеңил санаат, аўыл хожалығы ҳәм басқа да салаларды буннан былай да раўажландырыўға қаратылған жойбарларына айрықша итибар қаратылып атырғанын атап өтти.
Конференцияда өним ҳәм хызметлер экспортында исбилермен ҳаял-қызлардың белсендилигин арттырыў, олардың экспортқа қолайлы өнимлерди ислеп шығарыў жумысын қоллап-қуўатлаў, бунда ассоциациясының орны ҳәм әҳмийетли мәселелери додаланды.
Илажда 19-ноябрь күни – Халықаралық ҳаял-қызлар исбилерменлиги күнин белгилеў усыныс етилди.
– Өзбекистан Халықаралық ҳаял-қызлар исбилерменлиги күнин өткериў усы тараўдың буннан былай да раўажланыўына хызмет етеди, – деди пайтахтымыздағы «Шох продукт плюс» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң басшысы Назира Исроилова. – Жасларды исбилерменликке кеңнен тартыў, өз бизнесин баслаўда тәжрийбели исбилерменлерден кеңеслер алыў, жетекши, ойлап табыўшы, жаңалыққа умтылыўшы ҳәм исбилермен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бул сәнениң әҳмийетли ўазыйпаларынан есапланады.
Конференцияда шет елли ҳәм жергиликли экспертлердиң ҳаял-қызлар исбилерменлиги, оның раўажланыўы ҳәм экономикамыздағы орны, ҳаял-қызлардың жәмийетлик белсендилигин арттырыўда тийкарғы ўазыйпалар ҳаққында баянатлар тыңланды.
Илажда Өзбекистан Республикасы Бас министриниң орынбасары, Республика Ҳаял-қызлар комитети баслығы Т.Норбоева шығып сөйледи.
Сайёра ШОЕВА,
ӨзАның хабаршысы