Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң жуқпалы емес кеселликлердиң алдын алыў ҳәм оларға қарсы гүресиў бойынша мәкемелер аралық жумысшы топары (ЮНИАТФ) сыйлығы тапсырылды. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

«Юксалиш» ҳәрекетиниң мәлим етиўинше, ЮНИАТФтың 11-жыйналысында (2018-жыл 8-9-ноябрь, Женева) жуқпалы емес кеселликлердиң алдын алыў ҳәм қадағалаўда өзиниң салмақлы үлесин қосып атырған адамлардың табысларын тән алыў ҳәм ғалабаластырыў мақсетинде ҳәр жылы арнаўлы сыйлық шөлкемлестириўге қарар етти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.