2019-2020-оқыў жылында жоқары оқыў орынларының бакалавриатына төлемли контракт тийкарында студентликке усыныс етилген абитуриентлер ушын төлем пулын өткериў ҳәм студентлер қатарына қабыллаўды рәсмийлестириўдиң соңғы мүддети 15-октябрь етип белгиленди, деп жазбақта «Дарё».

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң мәлим етиўинше, төлемли контракт тийкарында оқып атырған жоқары курс студентлери ушын контракт төлемлерин төлеў мүддетлери жоқары оқыў орынларының ректорлары (филиал директорлары) тәрепинен узайтылады.

Еслетип өтемиз, 2019-2020-оқыў жылынан Өзбекстандағы мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында төлемли контракт муғдарлары орташа 18 процентке көбейтилген. Соның менен бирге, студентлер төлемли контрактты «стипендиясыз» көринисте, сондай-ақ, айма-ай бөлип төлеўи де мүмкин болды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.