Усы жылдың 22-сентябрь күни Мойнақ районы «Қазақдәрья» АПЖ аймағынан өтип турған Ақшадәрья коллекторында Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети инспекторлары гезектеги рейдти өткериў даўамында жәйран кийигин аўлап киятырған браконьерлерди услады. Бул ҳаққында комитеттиң жәмийетшилик ҳәм ҒХҚ менен ислесиў бөлими хабар берди.

Инспекторлар М.Рысназаров, Д.Қәллибеков ҳәм А.Қәлимбетовлар коллектордың аяқ тәрепинде түнги 03:00 лер шамасында «УАЗ-469» маркалы мәмлекетлик белгиси 95 V 654 DA болған автомашинаны иркип, ишки салонын көзден өткергенинде 13 дана жәйран кийиги ҳәм 2 дана аңшылық мылтығы бар екенлигин анықлаған.

Сорастырыў даўамында Тахтакөпир районы турғынлары болған Б.Т., Г.П., Т.М., Т.М. ҳәм А.П.лар нызамсыз түрде Ақшадәрья коллекторының Қызыл сора деп аталатуғын жеринен 13 жәйран кийигин аўлағаны мәлим болды.

Бул пуқаралардың тәбиятқа келтирген зыян муғдары Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2014-жыл 20-октябрьдеги қарарының қосымшасына муўапық есаплап шығылды ҳәм оларға 144 950 000 сум муғдарында жәрийма белгиленди.

Ҳәзирги ўақытта тийисли ҳүжжетлер топланбақта, – деп жазылған хабарда.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.