Быйылғы жылдың пахта терими мапазы басланғанлы берли елимиздиң пахта қырманы бәлентлеп, күн сайын пахта тапсырыў миннетлемесин орынлаған фермер хожалықларының саны көбеймекте.
Күни кеше Шымбай районының «Май жап» АПЖ дағы «Зайыр» дийхан фермер хожалығы пахта тапсырыў бойынша белгиленген жобасын орынлағаны ҳаққында мәлимлеме берилди. Бул фермер хожалығы жобадағы 39,7 тонна орнына 48,4 тонна пахта өнимин тапсырып, жобасын артығы менен орынлады.
– Фермер хожалығымыздың жер майданы 606,5 гектар болып, соннан егислик майдан 494,5 гектарды қурайды. Оның 20 гектарына C-4727 сортлы пахта еккен едик. Пахтадан 27,7 центинерден өним алдық,-дейди «Зайыр» дийхан фермер хожалығының баслығы Шәрибай Абдикаримов. – Ҳәзирги ўақытта 76 гектар жерди ғәлле егисине таярлап, егисти баслаў алдында турмыз.
Еле атызларымызда пахта көп. Аўылдағы көмекшилер оны зая етпей жыйнап алыўда үлкен жәрдемин тийгизип атыр. Пахта мапазы тамамланыўына шекем және елимиз қырманына 30 тоннадай пахта тапсырамыз, деген үмиттемиз.
Г.Балтабаева,
Г.Бегжанова,
ҚМУ журналистика бағдарының 4-курс студентлери.