Әндижан ўәлаяты ҳәкимлиги Баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, ўәлаят ҳәкими Қўрғонтепа районындағы Наўайы массиви, Бабур МПЖда жайласқан «Келажак садоқати» фермер хожалығында болып, теримшилер менен ушырасты. Илаж даўамында ҳәр бир теримшиге саўғалар берилди. Ең жақсы теримши деп табылған Ирода Каримоваға ўәлаят ҳәкиминиң «Ravon» Nexia-3 маркалы автомашинасы тапсырылды.
Иродахон Каримова 4 күн ишинде 2.5 тонна пахта терип, ҳәммеге өрнек болды.
Еслетип өтемиз, буннан алдын ўәлаят ҳәкими Пахтаабад районының алдыңғы теримшиси Олмахан Ҳусановаға «Спарк» автомашинасын саўға еткен еди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги