2019-жыл 22-сентябрь күни Бағшылық-жүзимшилик ширкетине қараслы аймақта өрт келип шықты. Өртти өшириў ўақтында 1944-жылы туўылған пуқара Б.А.ның күйген денеси жансыз ҳалатта табылды. Бул ҳаққында gazeta.uz сайты жазбақта.
2019-жыл 22-сентябрь күни Қибрай районы Салар қалашасындағы Тынышлық мәҳәллесинде жайласқан Бағшылық-жүзимшилик ширкетине қараслы аймақта өрт келип шықты. Ашық майданда 60 кв.метр қурғақ шөплердиң жанып кетиўи ақыбетиинде 1944-жылы туўылған пуқара Б.А.ның күйген денеси табылды.
Ҳәзирги ўақытта өрттиң келип шығыў себеби ҳәм материаллық зыяны анықланбақта. Өрт ҳалаты бойынша тергеўге шекемги тексериў жумыслары алып барылмақта.
Қарақалпақстан хабар агентлиги