Астана, 9-июнь. ӨзАның арнаўлы хабаршысы Бекзод ҲИДОЯТОВ хабар етеди.
Дүньяда сондай спорт жарыслары, мәдений таңлаўлар бар: футбол бойынша жәҳән чемпионатлары, олимпиада ойынлары, Formula 1 жарысы, Евровидение қосықлар таңлаўы… Булар мәлим ўақыт даўам етип, жер жүзине тынышлық нурын таратады, дүнья халықларын бирлестиреди, адамзатқа өз-ара тәжирийбе алмасыў ушын қолайлы шараят жаратады.
Санаатластырыў белгиси, техникалық ҳәм технологиялық жетискенликлердиң көргизбеси ушын ашық платформа болып есапланған дүньяжүзилик көргизбе – ЭКСПО 93 күн даўам етип, мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да раўажландырыўға ҳәм халықаралық шеңберде бир-бирин қоллап-қуўатлаўға хызмет етеди.
Халықаралық көргизбе быйыл Астана қаласында болып өтпекте. ЭКСПОның рәсмий ашылыў мәресими 2017-жыл 9-июнь күни өткерилди.
Биринши жәҳән көргизбеси Уллы Британия шаҳзадасы Альберт басламасы менен «Hyde Park»те өткерилген. Джозеф Пакстон тәрепинен сол бағда темир ҳәм шийше жәрдеминде шеңбер тәризинде салынған «Хрусталь сарай» ҳәммениң дыққатына сазаўар болған. 1928-жылы Халықаралық көргизбе өткериў ҳаққында конвенцияға қол қойылған. Халықаралық көргизбелер бюросы (ХКБ) басқарыў уйымы есапланады. Оны өткериў тәртибине бола (универсал, халықаралық, қәнигелестирилген) үш айдан алты айға шекем даўам етеди.
Ҳәзирге шекем 35 мәрте өткен көргизбе Болгария, Испания, Қубла Корея, Германия, Япония, Қытай, Италия, Түркия сыяқлы еллерде өткерилген. Дәстүрий тәризде өткерилип киятырған ЭКСПОның абыройы жылдан-жылға артып, оған қатнасыўды қәлеўши мәмлекетлердиң қатары кеңейип бармақта.
ЭКСПО-2017 көргизбесинде Өзбекистан, Россия, АҚШ, Қытай, Германия, Уллы Британия, Франция, Япония, Қубла Корея, Түркия, Ҳиндистан, Вьетнам, Армения, Пакистан, Әзербайжан, Беларусь, Куба, Туркменстан, Румыния, Бразилия сыяқлы 120 дан аслам мәмлекет өзлериниң технологиялық, илимий, мәдений жетискенликлерин көрсетпекте. Сондай-ақ, 20 дан зыят халықаралық шөлкемлер қатнаспақта.
ЭКСПО — 2017 халықаралық қәнигелестирилген көргизбениң тийкарғы темасы «Келешек энергиясы» деп аталған болып, планетамызға үлкен тәсир көрсетип атырған энергиядан пайдаланыў машқаласы дүнья жәмийетшилигин тәшиўишке салып атырғанын өзинде сәўлелендиреди. Оның мазмунын «Углерод диоксидин шығарыўды қысқартыў», «Энергия нәтийжели турмыс тәризи», «Энергия бәрше ушын» сыяқлы темаларда өткерилетуғын семинарлар ашып береди.
Қазақстан Республикасы көргизбеге пуқта таярлық көрген. Алдынғы технологиялардан пайдаланған ҳалда қурылған көк рең сфера узақтан көзге тасланады. «Астана ЭКСПО – 2017» көргизбе комплекси әне усы сфераның әтирапына жәмленген. Улыўма майданы 174 гектар. Бул жерде жәми 36 объект жайласқан.
Көк рең сфераның шеп тәрепинде Өзбекистанның байрағы желбиреп тур. Өзбекистанда ислеп шығарылған өнимлердиң көргизбеси ушын еки қабатлы имарат ажыратылған. Кирер жерде GM Uzbekistan өними – Cobalt автомобили қойылған. Павильон тийкарғы есигиниң жоқары бөлимине үлкен монитор орнатылған. Онда елимиздиң бай мәдений мийрасы, тарийхый естеликлери, миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлери, экономикалық потенциалы, туристлик орынлар, диярымызда жетистирилген сайланды мийўелер көрсетилмекте.
Өзбекистан павильонының биринши қабаты 630 квадрат метр майданды ийелеген. Бул жерде қуяш, самал ҳәм суў, яғный келешек энергиясы өнимлери көрсетилмекте.
Билесиз, тәбиятқа зыян келтирмей оның жемислеринен ақылға муўапық пайдаланыў, суў, газ және электрди үнемлеў, қоршаған орталықтың тазалығын тәмийинлеў, экологиялық машқалалардың алдын алыў және сапластырыў бүгинги күнниң әҳмийетли мәселелеринен бири болып есапланады. Электр энергиясын үнемлеўде қуяш энериясынан пайдаланыў усылы мақул келеди. Мәселен, ҳәзир автомобиллерди жүргизиўде арнаўлы аккумулятордан пайдаланылады. Елимиз павильонынан орын алған қуяш энергиясы стендинде 2030-жылы автомобиллерди қуяш нуры жәрдеминде қалай қуўатландырыў мүмкин екени көрсетилмекте. Бул көргизбе қатнасыўшыларында үлкен қызығыўшылық оятпақта.
Улыўма майданы 550 квадрат метрди қураған екинши қабатта елимиздиң транспорт ҳәм логистика, туризм салалары және азық-аўқат, вино ҳәм шербет таярлаў санаатында ерисилген жетискенликлер, миллий тағамларымыз көрсетилмекте.
ӨзА