Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының шөлкемлестириўинде Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, шайыр Гүлистан Дәўлетованың юбилейине «Илҳам шәшмеси» атамасында илимий-әдебий әнжуман болып өтти.
Әнжуманға жоқары оқыў орынларының профессор-оқытыўшылары, жазыўшылар, шайырлар, кең жәмийетшилик ўәкиллери, студент-жаслар қатнасты.
Әнжуманда, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов, академик Ж.Базарбаев, филология илимлериниң докторы, профессор К.Алламбергенов, филология илимлериниң кандидаты, доцент А.Досымбетова ҳәм басқалар шайырдың өмири ҳәм дөретиўшилиги туўралы кең түрде шығып сөйледи.
Атап өтилгениндей, Г.Дәўлетова 2006-жылдан Жазыўшылар аўқамының ағзасы. Ол 1959-жылы Шымбай районының Шахаман аўылында туўылған.
1983-жылы Нөкис мәмлекетлик университетиниң романо-герман филологиясы факультетиниң инглис тили, 1993-жылы усы оқыў орнының филология факультетиниң қарақалпақ тили ҳәм әдебияты қәнигелигин питкерген. Мектепте муғаллим, университетте оқытыўшы, Нөкис қалалық халық билимлендириў бөлиминиң баслығы лаўазымларында ислеген.
Оның туңғыш қосықлары «Әмиўдәрья» журналында, республикалық ҳәм районлық газеталарда жарық көрген. Г.Дәўлетованың «Әжинияз поэзиясында дәстүр ҳәм жаңашыллық» (1997) монографиясы менен «Әжинияз поэзиясында руўхый дәреклер» (1998), «Руўхыйлық – әдебият өлшеми» (1998), «Инсан тәрбиясы балалықтан басланады» (1999) деген китапшалары ҳәм «Сениң дәртиң менен жасайман, ҳаял» (2001), «Аёл ишқи» (2001), «Қыз тахтым» (2009), «Гүзги толғаныслар» (2012), «Тумар қыз» (2014), «Қәлбимдеги естелик» (2017) қосықлар топламлары жарық көрген.
Шайыр 2018-жылы «Дослық» ордени менен сыйлықланды.
Әнжуманда Г.Дәўлетованың шығармалары терең талқыланып, оның поэзиясындағы туўылған жер тәрийипи, Ўатанға муҳаббат, инсан ҳәм де ҳүждан ҳәм басқа да темалары айрықша шеберлик пенен берилгени айрықша атап өтилди.
Әнжуман қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.