Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, оның Қарақалпақстан бөлими менен «Маърифат» үгит-нәсиятлаўшылар жәмийети тәрепинен шөлкемлестирилген илаж қатнасыўшылары Хожели районындағы 1-санлы «Меҳрибанлық үйи»нде болды. Мийманлар жаратылған шараятлар, тәрбияланыўшылардың оқыўда, мәденият ҳәм спорт бағдарында қолға киргизип атырған жетискенликлери менен танысты.
Бул жерде «Балаларға мәнаўият берип…» акциясында руўхый-ағартыўшылық илажы шеңберинде белгили жазыўщы-шайырлар, көркем өнер ғайраткерлери менен ушырасыў өткерилди. Тәрбияланыўшыларға китаплар саўға етилди. «Меҳрибанлық үйи»ниң «Таң ғумшалары» ансамбли ҳәм «Қарс» топары ағзаларының атқарыўында концерт бағдарламасы мийманларда айрықша тәсир қалдырды.
Буннан кейин фестиваль Мойнақ районында даўам етти. Илаж қатнасыўшылары Мойнақ экология музейинде ҳәм «Кемелер қойымшылығы»нда болды.
Райондағы «Арал» ҳәм «Таллы өзек» мәкан пуқаралар жыйынларын болып өткен ушырасыўларда атап өтилгениндей, елимизде жаслардың социаллық-экономикалық белсендилигин арттырыў, оларды исбилерменлик жумысына кеңнен тартыў, сол тийкарда бәнтликти тәмийинлеў бағдарындағы жумыслар атап өтилди. Соңғы бир жылдың өзинде Мойнақ районында алып барылған қурылыс және абаданластырыў жумыслары бәршеге айрықша қуўаныш бағышламақта.
Районлық Мәденият бөлиминде мийманлар ҳәм район жасларының қатнасында «Мәденият Мойнақтан басланады» сүрени астында «Бес баслама-бес имканият» темасында мәдений-ағартыўшылық илажы өткерилди. Онда китап ярмаркасы, жаңа китаплар, соның ишинде, қарақалпақ фольклорының 100 томлығы, жас сүўретшилер тәрепинен сызылған сүўретлер, жас өнертменлердиң қол мийнетлери, миллий кийимлер көргизбелери шөлкемлестирилди.
-Илаж қатнасыўшылары Президентимиздиң басшылығында Қарақалпақстан Республикасында әмелге асырылып атырған кең көлемли қурылыс және дөретиўшилик жумысларының гүўасы болдық,-дейди Өзбекстан халық артисти, Ш.Айтматов атындағы халықаралық сыйлықтың ийеси Мырза Азизов.-Бир ўақытлары бул аймақта жасаў қыйын дегенлер бүгин ҳәўес пенен қарамақта. Буны бир ғана Мойнақ районы мысалынан көриўимизге болады.
Илаж соңында еки күн даўам еткен фестивальға белсене қатнасқанларға шөлкемлестириўшилер тәрепинен «Миннетдаршылық хаты» ҳәм естелик саўғалары тапсырылды.
Қатнасыўшыларға республикамыз ҳәм районлық көркем өнер шеберлериниң концерт бағдарламасы қойып берилди.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.