Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы – Пуқаралық қорғаныў баслығының усы жыл 7-сентябрьдеги «Нөкис районы «Тақыркөл» ҳәм «Кердер» АПЖ аймағындағы ишки хожалық жолларының жағдайын жақсылаў ҳәм оңлаў ҳаққында»ғы арнаўлы буйрығына муўапық, усы аймақларда 12-15-сентябрь күнлери Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы тәрепинен арнаўлы-тактикалық оқыў-шынығыўы өткерилди.

Оқыў-шынығыўларын өткериўден мақсет – усы аймақтағы аўылларда жасайтуғын адамлардың жол мәселесиндеги мәселелерин шешиўге жәрдем бериў, сондай-ақ, усындай келип шығыўы мүмкин болған айрықша жағдайларда қәнигелердиң жол қурылысы бойынша көнликпелерин арттырыўдан ибарат.

– Нөкис районы «Кердер» АПЖ аймағындағы ишки хожалық жолларының жағдайын жақсылаў, режедеги 2215 метрлик ишки хожалық жолларын тегислеў (грунт) бойынша 1200 тонна топырақ жумыслары әмелге асырылды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы хызметкери Б.Атажанов. – «Қаратаў» МПЖ аймағындағы тас карьеринен 2011 тонна шебень-қум араласпасы (ШҚА) жеткерип берилди. Оқыў-шынығыўы даўамында режедеги жәми, 2215 метрлик ишки хожалық жолларының 1140 метрине шебень-қум араласпаларын жайыў жумыслары алып барылды.

Оқыў-шынығыўларына тийисли хызметлерден, жәми 356 адам, Пуқаралық қорғаныў хызметлериниң 86 техникасы ҳәм 50 ден аслам жүк тасыўшы техникалар тартылды.

Бул жумыслар Нөкис районлық Жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасы тәрепинен даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.