Дүньяда гөззал қала атағына ийе бирден-бир кент – Қоқанд бүгин ҳәр қашанғыданда  да шырайлы. Бул жерге келген адам өзин ертеклер дүньясына түсип қалғандай сезеди. Уллы Жипек жолының кесилиспесинде жайласқан Қоқанд қаласы әййемги тарийх ҳәм заманагөй раўажланыўдың өлшем ҳәм дәстүрлерин үйлестирип, бир ўақыттың өзинде ҳәм Шығысқа тән гөззаллығы ҳәм заманагөй дүнья цивилизациясына үйлесимли саўлаты менен дүнья жәмийетшилигин өзине қаратпақта.

Өзбекстан – мың жыллар даўамында Уллы Жипек жолында айрықша әҳмийетке ийе болып келген. Тарийхый қала ҳәм аўылларымыз көп. Бирақ Шығыс ҳәм Батысты байланыстырыўшы көпирлер, мәдениятлардың бирлескен орынлары арасында Ферғана ойпатлығы айрықша орын тутады.

Тарийхый дәреклер ойпатлықта өнерментшиликтиң оғада көп түри, әсиресе, гүлалшылық жипек ҳәм икат гезлемелерди тоқыў, ағаш оймакерлиги, пышақ соғыў, тақыя тигиў кең раўажланғанынан гүўалық береди. Бул өнимлер саўда кәрўанлары арқалы пүткил дүньяға таралған.

27.JPG

Өзбекстанда көпшилик күнделикли турмыстың ажыралмас бөлеги болған өнерментшилик көркем өнери, атап айтқанда ағаш оймакерлигин, дийўалға нағыс ойыў, гүлалшылық, тоқымашылық, зерлер тигиў, саз әсбарларын соғыў, темирге нағыс ойыў, зергерлик неше мың жыллық тарийхқа, өзине тән дөретиўшилик мектеп ҳәм дәстүрлерине, атақлы ўәкиллерине ийе. Шебер усталар тәрепинен таярланған көплеген көркем өнерментшилик ҳәм әмелий көркем өнер өнимлери бүгинги күнге шекем дүньяның белгили музейлеринде сақланып атырғаны олардың дүнья халықлары тарийхында әҳмийетли орынға ийе екенлигинен дәрек береди.

Усындай факторлар себеп болса керек, бул қайталанбас көркем өнердиң көплеген бағдарларында нәтийжели мийнет алып барған, оларға даўамшы ҳәм мийрасхор болған қәбилетли өнерментлер барқулла ел-журт арасында ҳүрмет-итибарға ийе болып, «уста», «устазада» деген мақтанышлы атлар менен қәдирлеген.

Мәмлекетимиз ғәрезсизликке ерискеннен кейин миллий мәдениятымыздың барлық тараўлары қатарында өнерментлшиликти, оның дәстүр ҳәм мектеплерин тиклеў, раўажландырыў ҳәм үгит-нәсиятлаўға айрықша итибар қаратылды. Кейинги жылларда әне сол  бай мәдений мийрасымызды қәстерлеп-сақлаў, халық көркем ҳәм әмелий көркем өнерин буннан былай да раўажландырыў, бул бағдарда тарийхый дәстүрлерди избе-из даўам еттирип киятырған шебер усталардың машақатлы мийнетин мүнәсип хошаметлеў мақсетинде тийисли пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилип, оларға жаңа имканият ҳәм жеңилликлер жаратылды.

29.JPG

Бундай әмелий ис-ҳәрекетлердиң нәтийжесинде елимизде миллий өнерментшилик көркем өнери жедел раўажланбақта. Мәселен, 2017-жылға шекем «Өнермент» ассоциациясының 10 мыңға жақын ағзасы болған болса, бүгинги күнге келип олардың саны дерлик үш есеге көбейди.

Өнерментшилик бойынша жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў, жасларды пайдалы мийнетке тартыў, туризмди раўажландырыў бағдарында да үлкен имканиятлардың дәреги есапланады. Сол себепли елимиздиң барлық аймақларында усы тараўды раўажландырыўға қаратылған мәнзилли бағдарламалар әмелге асырылмақта. Соның ишинде, 2018-жылы өнерментшиликтиң раўажланыўына бағдарланған жойбарларды турмысқа енгизиў арқалы 40 мыңнан аслам жаңа жумыс орынлары жаратылды. Сондай-ақ, мәмлекетимиз бойлап шөлкемлестирилген 5 мыңнан аслам «Устаз-шәкирт» мектебинде 23 мыңнан аслам жигит-қызға кәсип сырлары үйретилди.

Бүгин қолы гүл уста ҳәм устазадалар халық өнерментшилигиниң түрли тараўларында әййемги дәстүрлерди заманагөй тәжирийбе ҳәм жаңалықлар менен үйлестирген ҳалда үлкен табыслар ҳәм нәтийжелерди қолға киргизбекте. Миллий өнерменшиликтиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосып киятырған, талантлы шәкиртлерди тәрбиялап өз дөретиўшилик мектебин жаратқан мийнеткеш усталар хошаметленип, олардың мийнетине айрықша итибар берилмекте. Соның ишинде, жүзлеген уста ҳәм өнерментлер мәмлекетимиздиң жоқары сыйлықлары –  ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

35.JPG

Өнерментшилик халқымыздың күнделикли турмысынан барған сайын беккем орын ийелемекте. Быйыл Өзбекстанда биринши мәрте шөлкемлестирилип атырған Халықаралық  өнерменшилик фестивалы ушын Қоқанд қаласы таңланғаны да тосыннан емес. Қоқанд қаласының көркине-көрик қосып турған Худаярхан ордасының бийбаҳа архитектуралық безеўлери ҳәм сулыўлығы ҳеш бир инсанды таң қалдырмай қоймайды. Оннан әййемги Шығыстың сырлы нәпеси сезилип турады. Бул ески ҳәм гөззал қала шебер өнерментлердиң орайы, халың көркем ҳәм әмелий көркем өнериниң орайы сыпатында дүньяға белгили.

14-сентябрь. Қоқанд, Орда майданы, саат 18.30.

Майдан орайына қурылған фестиваль руўхына сәйкес безелген амфитеатрға мыңлаған көзлер қадалған. Биринши Халықаралық өнерментшилик фестивалының ашылыў мәресимине жыйналған адамлардың жүзлериндеги қанаатланыўшылық, қуўаныш кеўилден-кеўилге көшип атырғандай. Олардың арасында әнжуман қатнасыўшылары ҳәм мийманлары, белгили мәденият ғайраткерлери, көркем өнер таныўшы илимпазлар, сырт елли ҳәм жергиликли журналистлер ҳәм туристлер бар.

44.JPG

Фестиваль қатнасыўшылары Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти қол шаппатлаўлар менен күтип алды.

Сөз Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевқа берилди.

Мәмлекетимиз басшысы Халықаралық өнерментшилик фестивалының қатнасыўышылары ҳәм мийманларын қызғын қутлықлап, жәҳән халық әмелий көркем өнерин қәстерлеп абайлаў ҳәм раўажландырыў, бул бийбаҳа байлықты келешек әўладларға мүлтиксиз жеткериў, бул жолдағы ис-ҳәрекет ҳәм имканиятларды бирлестириўге бул халықаралық әнжуманның әҳмийети оғада жоқары екенлигин атап өтип, әнжуман қатнасыўшыларына дөретиўшилик табыслар тиледи.

Илажда сөзге шыққан Жәҳән өнерментлер кеңеси (ЖӨК) президенти Рози Гринлис ханым Өзбекстанда мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў, әсиресе, өнерментшиликти қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылып атырғаны, биринши мәрте өткерилип атырған Халықаралық өнерментшилик фетивалы әне усы талпыныслардың жоқары үлгиси екенин атап өтти.

45.JPG

ЖӨК тәрепинен Қоқанд қаласына «Жәҳән өнерментлер қаласы» атағының берилиўи тегин емес. Бул атақ 2014-жылда енгизилген болып, усы күнге шекем оған 16 мәмлекеттиң 36 қаласы еристи. Қоқанд қаласы ҒМДА мәмлекетлери қалалары арасында биринши болып усы қатардан орын алды. Сондай-ақ, «Өнермент» ассоциациясы усы жылы бул шөлкемге ағза болды. Бул ўақыялар мәмлекетимизде миллий өнерментшиликти раўажландырыў бағдарындағы талпыныслардың нәтийжелилиги халықаралық жәмийетшилик тәрепинен кеңнен тән алынғанлығының белгиси болды.

ЖӨК 1964-жылы Бельгияда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем сыпатында дүзилген болып, бай мәдений мийрасты қәстерлеп абайлаў ҳәм раўажландырыў ушын семинарлар, конференциялар, көргизбелерди өткериў арқалы пүткил дүньяда өнерментшилик шөлкемлерин қоллап-қуўатлайды.

47-faqat saytga.JPG

ЖӨК менен биргеликте Қоқандқа «Жәҳән өнерментлери қаласы» атағын бериў бағдарындағы ис-ҳәрекетлер шеңберинде шөлкемниң Үйрениў қурамының ағзалары қаладағы миллий өнерментшилик мектеплеринде болып, олардың жумысы менен тиккелей танысты.

Ферғанада өнерментшиликтиң барлық бағдарлары бойынша 4 мыңнан аслам устахана жумыс алып барылмақта. Олар арасында өз мектебине ийе династиялар, халықаралық көргизбе ҳәм фестиваллардың жеңимпазлары, мәмлекетлик сыйлықлардың ийелери бар.

Қоқанд өнерментшилиги өзине тән тарийхы, усылы ҳәм дәстүрлерине ийе болып, бул жерде оның 30 ға шамалас түри кеңнен раўажланған. 400 өнермент ата-бабалардан мийрас болып қалған кәсиптиң әўладттан-әўлатқа өтиўин тәмийинлемекте.

Қала орайындағы саўлатлы майдан бойлап жағымлы нама таралды. Бул нама жүреклерди тербеп, кеўилдиң нәзик тарларын шертеди. Кеўиллерди толқытады,заўықландырады. Бул наманың сыйқыры, cулыў ырғағы, музыка қүдиретиниң әмелдеги көриниси болып табылады.

48-faqat saytga.JPG

Халықаралық өнерментшилик фестивалының ашылыў мәресиминдеги классикалық қосықлар, фольклор, дүнья музыка ҳәм қосықшылық көркем өнериниң бийбаҳа үлгилери, сулыў аяқ ойынлар кеўиллерди толқынландырады. Тамашагөйлер жүрекке жақын қосықларға қосылып айтады, шоқ қосықлардан қуўанышқа бөленип, ойынға түседи.

-Бүгин Өзбекстан елинде жүдә үлкен байрам, – дейди АҚШлы жоқары мәртебели мийман Кэрол Роберсон Лопес ханым. – Әййемги ҳәм нәўқыран Қоқанд қаласында биринши мәрте өткерилип атырған Халықаралық өнерментшилик фестивалы үлкен қуўаныш пенен белгиленбекте. Бул илаж пүткил дүньядағы  қолы гүл өнерментлерди бир жерге жәмлеп, халықлардың материаллық емес мийрасын үгит-нәсиятлаў ҳәм байланысларды беккемлеўге хызмет етиўи менен үлкен әҳмийетке ийе. Президент Шавкат Мирзиёев бул халықаралық фестиваль тек ғана көп миллетли Өзбекстан халқыниң емес, ал жәҳән өнерментлери, пүткил дүнья усталарының үлкен байрамы екенин атап өтти. Буннан оғада қуўанышлыман. Фестиваль түрли қәдирият ҳәм дәстүрлерди өзинде айқын сәўлелендиретуғын, жақын жүреклерди, кеўиллерди бирлестиретуғын шын мәнисинде дослық ҳәм шериклик әнжуманы болды.

Президентимиздиң 2018-жыл 1-ноябрьдеги «Халықаралық өнерментшилик фестивалын өткериў ҳаққында»ғы қарары мәмлекетимизде материаллық емес мийрасты қәстерлеп-абайлаўға қаратылып атырған жоқары итибардың әмелий көриниси болды. Бул илаждың Қоқанд қаласында өткерилиўи Ферғана халқын оғада қуўанышқа бөлемекте. Биринши мәрте өткерилип атырған бул байрам кең көлемли болып, онда 78 мәмлекеттен мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик искерлер, устазада өнерментлер, халық әмелий көркем өнериниң усталары, қәнигелер, тараў илимпазлары, ҳүрметли мийманлар, мәденият ҳәм көркем өнер ғайраткерлери қатнаспақта.

Халықаралық өнерментшилик фестивалына таярлық процесинде Қоқандта кең көлемли қурылыс-дөретиўшилик жумыслары әмелге асырылып, заманагөй мийманханалар, үй мийманханалары, хызмет көрсетиў шақабшалары, мәдений-ағартыўшылық комплекслер, саўда комплекслери, кеўил ашар орынлар қурылды. Тарийхый зыярат орынлары, көшелер, имарат ҳәм объектлерде капитал оңлаў, абаданластырыў жумыслары алып барылды. Усы тәризде әййемги кент бүгин толық жаңа көриниске енди.

Өзбекстан Саўда-санаат палатасы, «Өнермент» ассоциациясы, Мәденият министрлиги, Туризмди раўажландырыў мәмлекетлик комитети, Көркем академия, Жазыўшылар аўқамы, Ферғана ўәлаяты ҳәкимлиги менен биргеликте ислеп шығылған фестивальдың бағдарламасы рәңбәреңлиги, мәдений-ағартыўышылқ ҳәм кеўил ашар илажларға бай екенлиги менен ажыралып турады.

Фестиваль шеңберинде «Kokand fashion» мода ҳәптелигинде сырт ел ҳәм жергиликли және Қоқанд қаласының жас дизайнерлери өзлериниң дөретиўшилик жумысларын көрсетти. Ерте таңнан сырт елли мийманлар қала бойлап қолларында өз мәмлекетлери, жергиликли халық болса Өзбекстан байрағын көтерип салтаналы жүрди. Түркстан көшесинен Худоёрхон Ордасы жөнелисинде ҳәрекетленген байрам қатнасыўшылары мыңлаған жерлеслеримиз тәрепинен алғыслар менен қарсы алынды. Қызықшылар, жаршылар ҳәм хан сарайының хызметкерлери липасын кийген актёрлардың жәмәәти қатнасыўшыларға өзгеше кейпият бағышлады. Орда фестивальдың тийкарғы майданына айланды. Халық сейиллери, дәрўазлардың шығыўлары, фольклор жәмәәтлери, ўәлаятлардың мәденият басқармалары тәрепинен таярланған концерт бағдарламалары ҳәммени байрамға шақырды.

«Азия-Тыныш океаны регионындағы өнерлердиң онлайн-энциклопедиясы. Дәстүрий қол мийнети буйымлары» жойбарының көргизбеси болып өтти. Жәҳән өнерментлери кеңесиниң Азия-Тыныш океаны регионы президенти Гада Ҳижобий Каддумий ханым басшылығында ислеп шығылған бул онлайн-энциклопедияда усы региондағы 50 мәмлекеттиң өнерментшилик тарийхы, өзине тән өзгешеликлери ҳаққында мағлыўмат берилген. Оның айтыўынша, бул жойбар мәдениятлараралық байланыслы жеделлестириўге, халықларды бир-бирине танытыўға, усы тәризде дослық, аўызбиршилик ҳәм тынышлықты беккемлеўге хызмет етеди.

«Өнерментшилик ҳәм халық әмелий көркем өнерин раўажландырыў перспективалары» атамасындағы халықаралық илимий-әмелий конференцияда 30 дан аслам мәмлекеттен илимпазлар, қәнигелер, жоқары мәртебели ҳүрметли мийманлар, мәденият ҳәм туризм тараўындағы белгили инсанлар, елимизде ҳәм сырт елде жумыс ислеп атырған өнерментшилик ҳәм әмелий көркем өнер бағдарындағы жоқары билимлендириў мәкемелериниң профессор-оқытыўшылары, студентлер, көркем өнер таныўшылар, музей таныўшылар, өнерментлер қатнасты.

Жергиликли ҳәм сырт елли өнерментлер өнимлериниң көргизбе саўдасы, халық сейиллери, қуўыршақ театры, дәрўазлар ҳәм фольклор топарлары, ўәлаятлардың мәденият басқармалары тәрепинен таярланған концерт бағдарламалары, палаў таңлаўлары, мастер-класлар мийманларда үлкен тәсир қалдырды.

Фестиваль қатнасыўшылары шебер гүлаллар қаласы – Риштон және жипек ҳәм икат гезлемелерди ислеп шығарыўшы өнерментлердиң қаласы – әййемги Марғилонға саяхат етти.

Халықаралық өнерментшилик фестивалы шеңберинде заманагөй өзбек миллий өнерментшилиги ҳәм әмелий көркем өнерине, өнерментлердиң дөретиўшилигине бағышланған «Өзбекстан өнерментшилигиниң дүрданалары» китап-альбомының көргизбеси, «Риштонның көгилдир әпсанасы» атлы гүлалшылық өнимлериниң көргизбеси және өнерментлердиң таңлаўы өткерилди. Оның жеңимпазлары шөлкемлестириўши комитет тәрепинен диплом, статуэтка ҳәм ақшалай сыйлық пенен сыйлықланды.

Салтанатлы мәресим елимиздиң көркем өнер шеберлери, жас атқарыўшылардың шоқ қосықлары менен даўам етти. Қоқанд аспанында жарқыраған салютлер кеўиллерге қуўаныш, қәлиплерге шадлық бағышлады.

Әнжуман өткерилетуғын майданның әтирапы байрамға сай түрде безетилген. Қарақалпақстан ҳәм барлық ўәлаятлардан, сондай-ақ, Қазақстан, Қырғызстан, Тәжикстан, Түркменстан сыяқлы қоңсы мәмлекетлер және басқа да сырт мәмлекетлерден келген өнерментлердиң буйымларының көргизбеси шөлкемлестирилген.

Президент Шавкат Мирзиёев ашылыў мәресиминен соң бул өнимлерди көзден өткерди, өнерментлер менен сәўбетлести.

Мәмлекетимиз басшыының атап өткениндей, бул фестиваль тек ғана көп миллетли ўатанласларымыздың емес, ал пүткил дүнья өнерментлериниң де байрамы. Өйткени, фестиваль көлеминиң кеңлиги оның дүнья халықларын, мәдениятларын байланыстырыўшы көпир болатуғынынан дәрек береди.

Алаўиддин ҒАФФОРОВ,

Масъуджон СУЛАЙМОНОВ,

ӨзАның хабаршылары