1-октябрьден баслап машиналардың баҳасы қымбатламайды, деп хабар бермекте «UzAuto Motors» АЖ.

Компанияның хабарында жазылыўынша, 2019-жылдың 1-октябрь күнинен баслап елимизде ислеп шығарылған жаңа автотранспорт қуралларын сатып алғаны ушын Республикалық жол фондына төленетуғын 3% муғдарындағы жыйым буннан былай автотранспорт қуралларын ислеп шығарыўшылар тәрепинен төленеди.

Қарыйдарлар болса усы 3% лик төлемди буннан былай Ишки ислер уйымларында емес, ал автомобиль сатып алып атырған ўақытта автомобильдиң баҳасы менен бирге әмелге асырыўы керек болады. Бул қарыйдарларға қосымша қолайлық жаратады, – деп мәлим етпекте «UzAuto Motors» АЖ.

1-октябрьге шекем шәртнама дүзген, бирақ еле автомобилин алмаған қарыйдарлар менен қосымша келисимге қол қойылады ҳәм олар 3% лик төлемди автомобильди қабыллаў алыў ўақтында дилерлик кәрханасына төлейди.

«UzAuto Motors» АЖ 1-октябрьден баслап қосымша қун салығының төлеўшисине айланса да, автомобиль баҳалары Республикалық жол фондына төленетуғын төлемди есапқа алмағанда өзгериссиз қалдырылған.

Хабар соңында компания барлық қарыйдарларға дилерлик кәрханалары хызметкерлери тәрепинен баҳалардың қымбатлаўы бойынша берилип атырған басқа мағлыўматларға исенбеўди, барлық рәсмий мағлыўматлар тек ғана компанияның рәсмий сайтында жәрияланатуғынын еслетип өткен.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.