Қарақалпақстан Республикасы Елликқала районында «Қәдирли мектебиме китап саўға етемен» сүрени астында китаплар акциясы болып өтти.

Илаж шеңберинде шөлкемлестирилген ушырасыўларда мәмлекетимиз басшысының басламасы менен елимизде жаслардың руўхый дүньясын байытыў, оларды китап оқыўға қызықтырыў, қәбилетли оқыўшыларды қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар, жасларды мәнаўиятлы етип тәрбиялаўда устаз-муғаллимлердиң орны ҳаққында сөз етилди.

d8966cf8-9f49-4175-841b-7f7e039dbe18.jpg

– Бул илаж «Өзбекстан Республикасында руўхый-ағартыўшылық жумыслардың нәтийжелилигин буннан былай да арттырыў, халықтың интеллектуаллық потенциалын ҳәм дүньяға көзқарасын жоқарылатыўға, идеологиялық иммунитетти беккемлеўге байланыслы илажлардың бағдарламасы» тийкарында өткерилди, – дейди Республикалық Руўхый-ағартыўшылық орайы Елликқала районлық бөлиминиң баслығы Айша Матниязова. – Районымыздағы ҳәр бир кәрхана, шөлкем ҳәм мәкеме басшысының улыўма орта билим бериў мектеби китапханаларының көркем әдебиятлар менен тәмийинлениўи бойынша илажлар ислеп шығылды.

Өткерилген акция даўамында басшылар, ата-аналар, Өзбекстан Жаслар аўқамы районлық кеңесиниң ўәкиллери тәрепинен мектеп китапханаларына 1 мың 350 данадан аслам ҳәр қыйлы китап саўға етилди.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.