Инсанның руўхыйлығын раўажлаандырыўда музейлер оғада әҳмийетли орын ийелейди. Музей тарийхтың жанландырылған көриниси, руўхыйлықтың булағы есапланады. Арқа-батыс әскерий округи әскерий хызметкерлердиң руўхый дүньясын байытыў бағдарында бир қанша илажларды әмелге асырмақта, соның ишинде, музейлерге саяхатлар шөлкемлестириў кең жолға қойылған.

Усы жыл 8-сентябрь күни Нөкис гарнизонының бир топар әскерий хызметкерлери ҳәм олардың шаңарақ ағзалары ушын И.В Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейине экскурсия шөлкемлестирилди, деп хабар бермекте Арқа-батыс әскерий округиниң баспасөз хызмети.

Экскурсия қатнасыўшылары 1966-жылы художник ҳәм реставратор, этнограф ҳәм көркем өнертаныўшы Игорь Витальевич Савицкий тәрепинен тийкар салынған музейде халық әмелий көркем өнериниң бийбаҳа дурданалары, әййемги ҳәм орта әсирлердеги Хорезм көркем өнери, 1920-30-жыллардағы өзбек ҳәм рус сүўретлеў өнери, қарақалпақ заманагөй реңли көринис ҳәм мүсиншилиги менен жақыннан танысты.

-көркем өнер музейине болған саяхат бәршемизде жақсы тәсирлер қалдырды, – дейди подполковник Саидували Абдурахмонов. Көркем өнердиң түрлери көп. Кино, әдебият, аяқ ойын. Бирақ, олардың арасында сүўретлеў өнери ҳәм әмелий көркем өнер айрықша ажыралып турады.

Гөззаллықты сезине алған шебер художник әдебиятты да, музыканы да реңлер арқалы сәўлелендире алады. Шөлкемлестирилген экскурсия нәтийжесинде әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары сүўретлеў өнери, оның жанрлары, әлбетте, художниклердиң өзине тән өзгешеликлери, усыллары менен жақыннан танысты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги