Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында ХХ әсирдеги қарақалпақ әдебиятының уллы тулғасы, Өзбекстан Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры Ибрайым Юсуповтың өмири ҳәм дөретиўшилигине бағышланған «Аязий» драмасының премьерасы 10-сентябрь күни болып өтеди.

Қарақалпақстан халық жазыўшысы Муратбай Нызановтың қәлемине тийисли болған сахналық дөретпе саат 18:00 де басланыўы жобаластырылған.

Сахналастырыўшы режиссёры Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери Б.Баймурзаев, художник З.Сайыпов.

Ибрайым Юсупов ролин талантлы актёр Көпжүрсин Алланазаров атқарады.

Билетлер театр кассасында сатылмақта. Касса саат 10:00 ден баслап ашылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.