Усы жылдың 5-сентябрь күни Қырғызстан Республикасының Ош қаласы мэриниң кубогы ушын «Кеўилли жигитлер» атамасындағы халықаралық таңлаўы болып өтти.
Таңлаўға Қазақстан, Өзбекстан ҳәм жергиликли жас талант ийелери қатнасты.
Таңлаўға Өзбекстан Республикасынан Қарақалпақстан сайланды командасы ҳәм ТашМАУ Әндижан филиалының «Ағалар» командасы қатнасты.
Сәлемнама, сораў-жуўап ҳәм музыкалық шәрт сыяқлы басқышлардан ибарат таңлаў жуўмағына муўапық, Қарақалпақстан сайланды командасы сыйлы 2-орынды ийеледи.
– Барлық сахналық көринислеримизди қарақалпақ тилинде атқардық. Қоңсылас қырғыз ели оғада кеңпейил ҳәм миймандос халық екен. Бизлерге барлық шараятларды жаратып берди. Халқы бизлер атқарған сахналық көринислерден кеўиллери көтерилип, қоллап-қуўатлап отырды, – дейди Қарақалпақстан сайланды командасы ағзасы, әжайып талант ийеси Әзиз Назаров.
Мағлыўмат ушын, Қарақалпақстан сайланды командасы қурамында Әзиз Назаров, Дәстан Бектурсынов, Баҳадыр Қутлымуратов, Ислам Пирниязов ҳәм Байрамбай Әдиловлар өзлериниң талантларын көрсетти.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.