Ирландияның Ookla компаниясы 2019-жылдың июль айы жуўмақлары бойынша Speedtest.net хызмети тәрепинен дүзилген, дүньядағы мобиль ҳәм сымлы интернеттиң тезлиги мағлыўматлары көрсетилген Speedtest Global Index айлық рейтингин жәриялады.
Рейтинг мағлыўматларына қарағанда, Өзбекстан және 4 позиция жоқары көтерилип, белгиленген интернет тезлиги бойынша салыстырмалы түрде исенимли өсиўди көрсетти.
Мәселен, мәмлекетимизде сымлы интернеттиң орташа тезлиги 2018-жылдың июль айындағы секундына 8,58 мегабиттен 2019-жылдың июль айында 18,92 мегабитке өсти. Мәмлекетимиз 177 мәмлекеттиң улыўма рейтингинде 112-орынды ийеледи.
Мобиль интернеттиң тезлиги бойынша болса Өзбекстан 4 позиция төменге, 136-орынға түсип, және өз позицияларын қолдан берди. Бир жыл даўамында мобиль интернеттиң тезлиги мәмлекетимизде дерлик өспеди, рейтингтиң басқа да қатнасыўшы мәмлекетлеринде ол өсиўден тоқтамады.
Speedtest.net хызмети өз жалғаныўларының тезлигин тексериў ушын хызметтен пайдаланатуғын пайдаланыўшылардан алынған өз мағлыўматлары тийкарында тезликти анықлайды ҳәм рейтингди қәлиплестиреди.
Роман Бондарчук,
ӨзАның хабаршысы