Хабарыңыз бар, Москва қаласынан келген талантлы, белгили художник Ольга Шурыгина керамика ыдыслар жәрдеминде Арал теңизиниң сағымын жаратыў ушын тарелкалар кереклигин мәлим етип, халқымызға мүрәжат еткен еди.
Художникке бундай ийгиликли исте жәрдем бериў мақсетинде Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Нөкис қалалық Кеңеси басламасы менен партия белсендилери, қоллап-қуўатлаўшылар тәрепинен жойбарға үлес қосыў мақсетинде 147 тарелка жыйналды. Бул ҳаққында партияның қалалық Кеңеси баслығы, белгили өнермент Айзада Нурымбетова хабар берди.
Керамика ыдысларын топлаў ҳәм художнике жеткерип бериўдей усындай жумысларда Халық депутатлары Нөкис қалалық Кеңеси депутаты В.Каленова ҳәм Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 31-санлы қәнигелестирилген улыўма билим бериў мектеби жақыннан жәрдем берди.
Бул акция нәтийжесинде Арал теңизиниң керамика ыдысларынан сағымы жаратылып, бул болса Арал теңизине дүнья мәмлекетлеринен келетуғын туристлердиң санының артыўына ҳәм туризмниң раўажланыўы ушын хызмет етеди.
Еслетип өтемиз, художникке өз шығармасын толық питкериўи ушын 2 мың дана тарелка керек болады.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.