Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры 1978-жылы шөлкемлестирилип, биринши мәўсимин белгили драматург Кеңесбай Рахмановтың «Кешиккен бәҳәр» спектакли менен баслаған еди.
Усы жыл 4-сентябрь күни тетрдың басшылары, ветеранлары, тараў хызметкерлери, қәнигелери, актёрлықты кәсип ретинде таңлаған студент жаслардың қатнасында театрдың 41-мәўсиминиң ашылыў мәресими болып өтти.
Сахнада К.Рахмановтың «Тоғыз тоңқылдақ, бир шиңкилдек» комедиясы қойып берилди.
– Спектакль қарақалпақ аўызеки дөретпеси тийкарында жазылған болып, мийнет сүйгиш, ақыллы, пайдасына пүтин шиңкилдек ҳәм ҳәр исти келте ойлайтуғын, хошжақпас, ериншек тоңқылдақлар ҳаққында сөз етеди,-дейди театрдың бас режиссёры Ырзамурат Айбатов. – Комедияның бүгинги жаңадан қойылып атырған варианты алдыңғыларынан пүткиллей басқаша, десек те болады.
Спектакльде адамларды жақсылыққа, мийнет сүйгишликке үйретиў, жаманлық жазасыз қалмайтуғынлығы, тиришилик етиўдиң жеңил тәрепин гөзлегенлер қандай ақыбетлерге жолығатуғынлығы сәўлеленеди. Спектакльдиң жақсылық пенен тамамланып, тоғыз тоңқылдақ ҳәм бир шиңкилдектиң жарасыўы менен жуўмақланыўы бурынғысынан бир айырмашылығы болса, және бир айырмашылығы, ҳаяллардың роли, қорқынышлы сахналық көринислер алып тасланған.
Спектальди сахналастырыўшы режиссёр Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Ы.Айбатов, ассистенти Б.Жапаров, художниги Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери Б.Айтмуратов, композиторы Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстанға хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери Н.Муҳаммеддинов. Шиңкилдек ролин Б.Жапаров, тоңқылдақлардың ролин Ж.Абыллаев, С.Арзыев, П.Келимбетов, М.Нуратдинов, П.Төлегенов, Ж.Бердибеков, И.Бегжанов, Ж.Абдимов, А.Хожамуратовлар атқарды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.