Қарақалпақ мәмлекетлик жас тамашагөйлер театры жаңа мәўсимди 4-сентябрьден баслаўды жобаластырмақта.

Театр жәмәәтиниң 41-мәўсими Кеңесбай Рахмановтың сахналық шығармасы тийкарында Өзбекстанға хызмет көрсеткен мәденият хызметкери Ы.Айбатовтың режиссёрлығындағы «Тоғыз тоңқылдақ, бир шиңкилдек» спектакли менен басланады.

Спектакль 4-сентябрь күни саат 11:00 де тамашагөйлер итибарына усынылыўы жобаластырылған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.