Өзбекистан Республикасының Президентиниң  қарары

Халқымыздың мәдений мийрасының ажыралмас бөлеги болған миллий мақам көркем өнери өзиниң ески тарийхы, терең философиялық тамырлары, бийтәкирар көркем усылы ҳәм бай дөретиўшилик дәстүрлери менен руўхый турмысымызда әҳмийетли орын ийелейди.

Әсирлер даўамында уллы шайырлар менен илимпазлардың, шебер композиторлардың, ҳапызлар менен сазенделердиң машақатлы мийнети ҳәм пидайылығы, дөретиўшилик мийнети менен жетилисип киятырған усы бийбаҳа көркем өнери тек ғана елимиз ҳәм шығыс еллеринде ғана емес, ал дүнья көлеминде үлкен даңқ ҳәм итибарға ийе. Мақам көркем өнериниң гүлтажы болған «Шашмақам» ЮНЕСКО тәрепинен инсанияттың материаллық емес мәдений мийрасы сыпатында тән алынғаны ҳәм оның Репрезентативлик дизимине киргизилгени бунық айқын дәлили болып табылады.

Өткен дәўир даўамында елимизде мақам көркем өнерин үйрениў ҳәм раўажландырыў бағдарында белгили бир жумыслар әмелге асырылды. Әсиресе, өзбек «Шашмақам»ы нота текстлериниң баспадан шығарылыўы ҳәм оларға муўапық түрде мақам нама-қосықларының магнит ленталарға жазып алыныўы үлкен илимий-мәдений әҳмийетке ийе ўақыя болды.

Ҳәзирги күнде елимизде Юнус Ражабий атындағы Мақам ансамбли, аймақларда мақам жәмәәтлери, Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясында усы бағдарда арнаўлы кафедраның жумыс ислеп атырғаны, тараўға байланыслы илимий излениўлердиң алып барылып атырғанын атап өтиў орынлы.

Сондай-ақ, миллий өзлигимизди аңлаў, мәдениятымызды ҳәр тәреплеме раўажландырыў, халқымызды, бәринен бурын, жас әўладымызды жоқары инсаныйлық сезимлер руўхында тәрбиялаў, оның эстетикалық талғамын ҳәм билимин жетилистириўде мақам көркем өнериниң кең имканиятларынан толық пайдаланылмай атыр.

Бул бағдарда терең илимий-теориялық изертлеўлер, оқыў-методикалық әдебиятлар жаратыў, мақам көркем өнерин радио-телевидение, ғалаба хабар қураллары, Интернет тармағы арқалы елимизде ҳәм шет еллерде үгит-нәсиятлаў, мақам устазларының, тараў илимпазлары менен қәнигелериниң, талантлы ҳәм перспективалы жас атқарыўшылардың дөретиўшилигин материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў жумыслары итибардан шетте қалып келмекте.

Жоқарыда атап өтилген кемшиликлер менен машқалаларды сапластырыў, өзбек мақам көркем өнерин терең үйренип, өзине тән атқарыў мектеплери менен дәстүрлерин жаңа басқышта раўажландырыў, оның «алтын фонды»н жаратыў ҳәм байытыў, халықаралық абыройын арттырыў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў мақсетинде:

  1. Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги, Илимлер академиясы, Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы, Республикалық Руўхыйлық ҳәм ағартыўшылық орайы, Өзбекистан композиторлар ҳәм бастакарлар аўқамының мәмлекетлик мәкемеси түринде Өзбек миллий мақам көркем өнери орайының (кейинги орынларда – Мақам орайы) жумысын шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. Төмендегилер:

Өзбек миллий мақам көркем өнерин буннан былай да раўажландырыўға байланыслы илажлар бағдарламасын әмелге асырыў бойынша Республикалық комиссияның қурамы 1-қосымшаға;

Өзбек миллий мақам көркем өнерин буннан былай да раўажландырыўға байланыслы илажлар бағдарламасы 2-қосымшаға;

Өзбек миллий мақам көркем өнери орайының структуралық қурамы 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Өзбек миллий мақам көркем өнери орайының тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

Өзбекистанда мақам көркем өнерин буннан былай да раўажландырыў бул бағдарда қәлиплескен атқарыўшылық ҳәм дөретиўшилик мектеплер менен дәстүрлерди уллы композиторлар, ҳапызлар менен сазенделердиң мийрасын терең илимий тийкарда үйрениў ҳәм қайта тиклеў;

өзбек мақам көркем өнери классикалық ҳәм заманагөй атқарыўышылық үлгилериниң «Алтын фонды»н жаратыў;

халқымызды, атап айтқанда, жас әўладты мақам көркем өнери менен кеңнен таныстырыў арқалы оларда миллий өзликти аңлаў сезими жоқары көркем-эстетикалық талғам ҳәм билимди жетилистириў;

мақам көркем өнери бойынша илимий-изертлеўлер алып барыў ҳәм үгит-нәситялаў бойынша халықаралық бирге ислесиўди жолға қойыў;

классикалық музыка мийрасымыз үлгилерин нотаға алыў, бар жазыўларды жетилистириў ҳәм әмелиятқа енгизиў, мақам көркем өнериниң социаллық-тарийхый тамырлары, илимий-теориялық негизлери, миллий ҳәм улыўмалық қәдриятлар менен байланыслы тәреплерин елимиз илимпазларының ҳәм шет елли қәнигелердиң қатнасыўында терең үйренип, жаңа илимий-изертлеўлер жаратыў;

мақам көркем өнериниң көп әсирлик атқарыўшылық жолларын пуқта өзлестирип, оларды жаңаша усыллар менен байытып, жас әўлад ўәкиллерине үйретип киятырған мақамшылар, мақамтаныў илимий-педагог илимпазлар менен қәнигелер, Мақам орайы хызметкерлериниң жумысын материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў;

елимизде мақам көркем өнери бойынша шет елли шебер атқарыўшылардың өз-ара тәжирийбе алмасыўы, шеберлик сабақларын және ҳәр қыйлы халықаралық мақам әнжуманларын ҳәм таңлаўларын шөлкемлестириў;

республика аймақларында белгили мақам атқарыўшыларының концертлерин ҳәм шеберлик сабақларын шөлкемлестириў;

мақам көркем өнерин радио-телевидение, ғалаба хабар қураллары ҳәм Интернет арқалы Өзбекистанда ҳәм шет еллерде кеңнен үгит-нәсиятлаў.

  1. Мәденият министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Қаржы министрлигине:

Өзбекистан мәмлекетлик консерваториясының Музыкалық шығыстаныўшылық кафедрасының тийкарында «Өзбек мақамының тарийхы ҳәм теориясы» кафедрасын шөлкемлестириў, ўәлаятлардағы педагогикалық жоқары билимлендириў орынларының музыкалық билимлендириў бағдарында мақам көркем өнерин арнаўлы пән сыпатында оқытыўды енгизиў;

усы билимлендириў мәкемелерине маман қәнигелерди, профессор-оқтыўшыларды тартыў, олар ушын зәрүр шараятларды жаратыў, тийисли сабақлық, оқыў қолланба ҳәм илимий-методикалық әдебиятлар менен тәмийинлеў;

республикадағы балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеплеринде және мәденият ҳәм көркем өнер колледжлери менен академиялық лицейлерде мақам көркем өнерин оқытыў бойынша бөлимлердиң жумысын және де күшейтиў;

мақам көркем өнериниң дөретиўшилик, илимий-методкалық ҳәм атқарыў дәстүрлерин пуқта өзлестириў ҳәм мүнәсип даўам еттириў мақсетинде, билимлендириў мәкемелерине шебер мақамшы көркем өнер ғайраткерлерин бириктириў ҳәм усы тийкарда «устаз-шәкирт» мектеплерин шөлкемлестириў ўазыйпасы тапсырылсын.

  1. 2018-жылдан баслап Шахрисабз қаласында ҳәр еки жылда бир мәрте Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманын өткериў белгиленсин.

Республикалық комиссияға:

Мәденият министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги, ЮНЕСКО жумыслары бойынша Өзбекистан Республикасы Миллий комиссиясы, Мәмлекетлик архитектура ҳәм қурылыс комитети, Қашқадәрья ўәлаятының ҳәкимлиги менен биргеликте бир ай мүддетте Шахрисабз қаласының Ақсарай майданында усы әнжуманды өткериў ушын зәрүр мәдений инфраструктура объектлерин қурыў бойынша усыныслар киргизиў;

Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманының илимий-дөретиўшилик концепциясын ҳәм Режесин ислеп шығыў;

Ақсарай майданының тарийхый бөлиминде мақам көркем өнерине бағышланған музей ҳәм миллий сазлар лабораториясын шөлкемлестириў;

Шахрисабз қалалық мәденият сарайын капитал оңлаў, ҳәзирги ўақытта Ақсарай майданындағы Мақам орайын және балалар музыка ҳәм көркем өнер мектебиниң жумысларын жетилистириў;

Халықаралық мақам көркем өнери әнжуманын жоқары дәрежеде өткериў ушын шет мәмлекетлерден белгили музыкатаныўшы илимпазларды, көркем өнер ғайраткерлерин, дөретиўшилик жәмәәтлер менен қәнигелерди мирәт етиў;

2018-жылдан баслап тараўда белсене дөретиўшилик пенен шуғылланып атырған көркем өнер ғайраткерлерин қоллап-қаўатлаў ҳәм хошаметлеў мақсетинде «Ең жақсы мақам қосықшысы», «Ең жақсы мақам сазендеси», «Ең жақсы мақам устазы», «Ең жақсы мақам үгит-нәсиятлаўшысы», «Ең жақсы жас  мақамшы» сыяқлы номинациялар бойынша сыйлықларды шөлкемлестириў;

Өзбек миллий мақам көркем өнерин буннан быйлай да раўажландырыўға байланыслы илажлар бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў ўазыйпалары жүкленсин.

  1. Мақам орайы Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясының «Ташкент радиоеситтириў үйи» имаратына ижара төлемисиз ўақтынша орналастырылсын. (Ташкент қаласы, Яшнабад районы, Мақтумқулы көшеси 49-жай)

Мәденият министрлиги, «Давархитектқурилиш» комитети, Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги, Ташкент қалалық ҳәкимлиги 1 ай мүддетте Мақам орайы ушын заманагөй талапларға жуўап беретуғын  жойбар тийкарында жаңа имарат қурыў бойынша усыныс киргизсин.

Өзбекистан миллий телерадиокомпаниясы өз системасы ушын бюджеттен ажыратылған жыллық қаржылары шеңберинде турақлы түрде «Ташкент радиоеситтириў үйи»нде даўыс жазыў студиялары менен техникалық қураллардан Мақам орайы ушын бийпул пайдаланыў ҳәм Мақам ансамбли тәрепинен атқарылатуғын музыкалық шығармаларды жазып алыўды, эфирге бериўди ҳәм үгит-нәсиятлаўды тәмийинлесин.

  1. Мақам бағдарында дөретиўшилик етип киятырған дөретиўшилик жәмәәтлер, ансамбллер 2023-жылға шекем барлық салық төлемлеринен азат етилсин.
  2. Өзбекистан Республикасы Қаржы министрлиги:

Мақам орайына 1 жеңил автомобиль ҳәм 1 автобус сатып алыў ушын қаржы ажыратсын.

«Ташкент радиоеситтириў үйи»нде Мақам орайына ажыратылған бөлмелерди ағымда оңлаў ушын қаржы ажыратсын.

Мақам көркем өнерин изертлеўге байланыслы илимий излениўлер, оқыў қолланбалар, аўдармалар, илимий ҳәм методикалық әдебиятларды баспадан шығарыў қәрежетлери Өзбекистан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң параметрлеринде социаллық тараўға нәзерде тутылған қаржылар шеңберинде қаржыландырылыўын тәмийинлесин.

  1. Мәденият министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги, Қаржы министрлиги, Экономика министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәкимликлери үш ай мүддетте ўәлаятларда жаңа үлгидеги мақам ансамбллерин шөлкемлестирсин.
  2. Өзбекистан Республикасы Сыртқы ислер министрлиги Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлигине мақам көркем өнерин раўажландырыў ҳәм үгит-нәсиятлаў бойынша шет мәмлекетлер менен алып барылатуғын барлық бирге ислесиў жумысларын орнатылған тәртипте шөлкемлестириўге әмелий жәрдем көрсетсин.
  3. Өзбекистан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекистан Миллий мәлимлеме агентлиги, «Жәҳән» мәлимлеме агентлиги мақам көркем өнерин раўажландырыў бойынша орынланған жумысларды турақлы түрде сәўлелендирип барыў мақсетинде айрықша бағдарлама ислеп шықсын ҳәм әмелге асырсын.
  4. Өзбекистан Республикасы Мәденият министрлиги Өзбекистан Республикасы Әдиллик министрлиги менен биргеликте, бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында Өзбекистан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  5. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекистан Республикасының Бас министри А.Ариповқа ҳәм Өзбекистан Республикасы Президентиниң мәмлекетлик кеңесгөйи Қ.Султоновқа жүкленсин.

 

Өзбекистан Республикасы Президенти  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2017-жыл 17-ноябрь