Хабарыңыз бар, «Өзбекстан тарийхы» каналы Ғәрезсизлик байрамы 1-сентябрь күни өз эфирин баслайды. Тарийх бағдарындағы Өзбекстандағы биринши канал дәслепки эфирин жаңадан сүўретке алынған тарийхый киноларды көрсетиў менен басламақта. Бул ҳаққында канал дөретиўшилеринен болған, журналист Шоира Хамро мәлим етти.
«Ғәрезсизлик байрамы алдынан бизлер көбинесе Мел Гибсонның «Шерюрак» фильмин тамашалайтуғын едик. Өзлеримизде ўатансүйиўшиликти үгит-нәсиятлаўшы қызықлы фильмлер болмаған. Быйыл ғәрезсизлик байрамында жаңа «Өзбекстан тарийхы» каналында бир қатар тарийхый киноларамыз эфирге узатылады. Олар «Исломхўжа», «Муҳаммад Исо Термизий», «Элпарвар» фильмлери болып табылады. Усындай тарийхый фильмлеримиздиң саны көбеймекте, сапасы да артпақта», дейди журналист Шохира Хамро.
ӨзА