Cентябрь – гүздиң биринши айы, бирақ Өзбекстанда ҳаўа-райы шараятларына бола көбирек жазды еслетеди, тек температураның фоны бир қанша қолайлы.

«Өзгидромет» орайынан алынған мағлыўматларға қарағанда, сентябрь жылдың ең қурғақ айларынан бири есапланады. Жаўын-шашын жүдә аз болып, ай даўамында орташа 1-3 мәрте жаўын жаўыўы мүмкин. Олардың муғдары болса орташа июль ҳәм август айларына қарағанда сәл көбирек – тегисликте 2 мм. ден 6 мм. ге шекем, таўлы аймақларда 10-20 мм. ге шекем жетеди.

Айдың биринши ярымында күндизги ҳаўаның температурасы әдетте 30-33 градус әтирапында, айдың екинши ярымында болса 26-29 градус әтирапында болады. Ең жыллы сентябрьде айырым күнлери термометр көрсеткиши 35-39 градусқа шекем көтериледи. Суўық ҳаўа ағымлары кирип, күндизги температура 22-25 градусқа шекем түсетуғын, айырым ўақытлары болса оннанда төмен болатуғын жағдайлар шенде-шен бақланады ҳәм бундай суўық дәўирлер қысқа мүддетли болады.

Бирақ быйыл сентябрь айы бизлерди салқын ҳаўа менен күтип алады. Август айының соңғы күнлеринен баслап ҳаўаның температурасы 27-32 градусқа шекем төменлейди, сентябрьдиң дәслепки күнлери оғада ыссы жаздың «айыбын» жумсартып температура түнде 12-17 градусқа шекем, күндизги ўақытлары 23-28 дәрежеге шекем төменлейди. Бул әдеттеги ықлым нормаларынан 4-6 градусқа төмен.

Бултлар да көбейип, 1-сентябрьде Ташкент, Самарқанд, Жиззақ, Сырдәрья ўәлаятларының айырым жерлеринде, 2-сентябрьде Ферғана ойпатлығының айырым жерлеринде қысқа мүддетли жаўын-шашын болыўы мүмкин.

Ҳаўа-райының бундай өзгерислери Волгабойы аймақларынан суўық ҳаўаның кирип келиўи менен түсиндириледи.

Температура түнде 12-17 градус, күндизги ўақытлары 25-30 градус болған салқын ҳаўа райы сентябрь айының биринши ҳәптесинде сақланып турады.

Кейин ала айдың ақырына шекем температура түнде 12-17 градустан 7-12 градусқа шекем, күндизги ўақытлары 28-33 градустан 21-26 градусқа шекем өзгерип турады. Айырым күнлерде қысқа мүддетли күшсиз жаўын жаўыўы мүмкин. Улыўма айтқанда, гүздиң биринши айындағы ҳаўа-райы ықлымлық нормалар әтирапында болыўы күтилмекте.

ӨзА