Шоманай районында 5-қәнигелестирилген өрт-қутқарыў бөлимшесиниң имараты пайдаланыўға тапсырылды. Бул ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Өрт қәўипсизлиги басқармасы хабар берди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 14-августтағы «Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги Мәмлекетлик өрт-қутқарыў хызметиниң имарат ҳәм объектлерин басқышпа-басқыш қурыў ҳәм реконструкциялаў бойынша 2016-2030-жылларға арналған бағдарламасы» тийкарында жеке қурам ушын мүнәсип шараятлар жаратыў мақсетинде райондағы жаңадан 5-қәнигелестирилген өрт-қутқарыў бөлимшеси шөлкемлестирилип, оның имаратында төрт ярым миллиард сумнан аслам қурылыс жумыслары алып барылды.

Өрт-қутқарыў бөлимшесине хызмет ўақтында пайдаланыў ушын заманагөй «ISUZU» маркалы бир өрт өшириў автомобили, сондай-ақ, район ҳәкимлиги тәрепинен «Lifan» маркалы бир мотоцикл тапсырылды.

Бөлимше имараты әтирапында ҳәм 3 километрлик радиуста қадағалаў орнатыў имканиятын беретуғын 10 дана IP-камералар орнатылды.

Соның менен бирге, пуқаралардан келген электрон мүрәжатларды қабыллаў ҳәм оларға тийисли тәртипте, өз ўақтында жуўап қайтарыў мақсетинде оптикалық талшықлы байланыс тармақлары орнатылды.

Бөлимше аймағында узақ аралықтан келип жумыс ислеўшилер ушын 2 хызмет үйи қурып питкерилди.

Жеке қурамның жаўынгерлик ҳәм физикалық таярлықларын жетилистириў мақсетинде 4 этажлы оқыў-шынығыў минарасы ҳәм спорт майданлары шөлкемлестирилди. Жеке қурамның сапалы хызмет алып барыўы ушын заманагөй асхана, жуўыныў бөлмеси, жатақхана, оқыў классы ҳәм ағартыўшылық бөлмеси шөлкемлестирилди.

Ғәрезсизлигимиздиң 28 жыллық байрамы қарсаңында өрт-қутқарыў бөлимшеси имаратының пайдаланыўға тапсырылыўы тараў хызметкерлери ушын байрамға мүнәсип саўға болды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.