«Қарақалпақгидромет» орайының мәлим етиўинше, Республика аймағында 22-25-ноябрь күнлери ҳаўа алағат бултласып, 22-23-ноябрьде жаўын-шашын болмайды. 24-ноябрьде айрым районларда жаўын-шашын күтиледи. 25-ноябрь күни жаўын, қар жаўыўы күтиледи.
Самалдыӊ бағыты шығыстан батысқа өзгерип, тезлиги 7-12 м/с, айырым жерлерде 15-20 м/с қа шекем күшейеди.
Ҳаўанын температурасы 22-24-ноябрьде түнде 2+7 градус жыллы, 25-ноябрьде 0+5 градус жыллы, күндиз 22-23-ноябрьде 13+18 градус жыллыдан, 24-25-ноябрьде 2+7 градус жыллыға шекем төменлейди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги