Қарақалпақстан  Республикасы  Салық  басқармасы, Өсимликлер  карантини  аймақлық инспекциясы ҳәм Қарақалпақстан сынаў ҳәм сертификатластырыў орайы мәмлекетлик кәрханасының  шөлкемлестириўинде  экспорт  ҳәм  импорт  өнимлерине  қойылатуғын  талаплар  бойынша  семинар болып өтти.

Онда  инспекцияның  агроном-инспекторлары,  салық  басқармасы  менен сынаў ҳәм сертификатластырыў орайы мәмлекетлик кәрханасының  қәнигелери, исбилерменлер  қатнасты.

Бугинги семинар тийкарынан, Өзбекстан Республикасы Президенти Админстрациясының усы жыл 5-августта тастыйықлаған илажларында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде шөлкемлестирилип, онда сыртқы саўда операцияларын әмелге асыратуғын исбилерменлик субъектлерге экспорт ҳәм импорт өнимлерине қойылатуғын талаплар бойынша кеңирек түсиник бериўден ибарат,-дейди  Карақалпақстан Республикасы өсимликлер карантини аймақлық инспекциясының сыртқы карантин бойынша жетекши агрономы А.Сапарниязов. – Аўыл хожалығы өнимлерин экспорт етиўде өнимлерди заман талаплары тийкарында қадақлаў, дүнья стандартлары бойынша маркировкалаў, импорт етиўши мәмлекетлердиң талапларына муўапық экспортқа шығарылып атырған өнимлерди мәжбүрий зыянсызландырыў, фумигация, рефрижерация ҳәм басқа да илажларды алып барыўы зәрур.

Мине, усы ҳәм басқа да көрсетилген талапларды орынлаған кәрханалар ири импортёр мәмлекетлерге экспорт етиўши кәрханалар дизимине киреди.

Мәмлекетимизде экспорт өнимлерине қойылатуғын талаплар менен биргеликте импорт өнимлери де фитосанитариялық талапларға жуўап бериўи, таза болыўы ҳәм карантин организмлери менен зыянланбаған болыўы тийис.

Семинарда мәмлекетлик стандарт талапларына жуўап беретуғын таза ҳәм зыянланбаған өнимлерди экспорт етиў, исбилерменлик  субъектлерине  салық тараўында берилген имканиятлар ҳәм жеңилликлер ҳаққында мағлыўматлар берилип,  аўыл хожалығы өнимлери  экспортын  және де раўажландырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Семинарда исбилерменлер қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.