Айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер киргизиў ҳаққындағы (ӨЗН-558, 28.08.2019 ж.) Нызамға Президент тәрепинен қол қойылды, деп хабар бермекте «Ҳуқуқий ахборот» телеграм каналы.

Нызамға муўапық:

Неке жасы ер адамлар ҳәм ҳаял-қызлар ушын 18 жас етип белгиленди.

(Ҳәзирги күнде ҳаял-қызлар ушын 17 жас):

административлик түрде мийнетке тартқаны ушын жуўапкершилик күшейтилип, ең кем мийнет ҳақының он есесинен отыз есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болатуғыны белгиленди ( ҳәзирги ўақытта бес есесинен он бес есесине шекем). Егер усы ҳуқықбузарлық қайта исленсе ең кем мийнет ҳақының 30 есесинен 100 есесине шекем жәрийма салынады.

Жас өспирим шахсты мәжбүрий мийнетке тартыў ең кем мийнет ҳақының отыз есесинен елиў есесине шекем (ҳәзирги ўақытта бес есесинен он бес есесине шекем), егер бул ҳуқықбузарлық және қайта исленсе ең кем мийнет ҳақының елиў есесинен жүз есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болатуғыны белгилеп қойылды.

Буннан тысқары, ўақтынша мийнетке жарамсызлық, ҳәмиледарлық ҳәм туўыў напақаларын нызам ҳүжжетлеринде белгиленген муғдарларда төлеў бойынша миннетлемени ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылғаннан кейин және қайта орынламаў жағдайы ең кем мийнет ҳақының он бес есесинен отыз есесине шекемги муғдарда жәрийма салыўға себеп болатуғыны белгиленди.

Бул нызам рәсмий түрде жәрияланған күннен баслап күшке киреди.

Нызамның неке жасы белгилениўине байланыслы бөлими 2019-жыл 1-сентябрьден баслап күшке киреди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги