Мәмлекетимиздиң экономикалық потенциалын беккемлеў, оның дүнья көлеминдеги абырайын жоқарылатыў, Ўатанымыздың абатлығын, турмысымыздың абаданлығын тәмийинлеў бағдарындағы үлкен хызметлери, соңғы жылларда елимизде жеделлик пенен алып барылып атырған түпкиликли реформалар процесиндеги интәкерлиги ҳәм пидайылығы, мәмлекет ҳәм халық мәплерин жүзеге шығарыў жолындағы пидәкерлик мийнети, өндирис ҳәм социаллық-руўхый тараўлардағы көп жыллық нәтийжели ҳәм ибратлы жумысы, жас әўладты ўатансүйиўшилик, миллий ҳәм улыўма инсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаўға қосқан үлкен үлеси  және жәмийетлик турмыстағы белсендилиги ушын төмендегилерге «Өзбекстан Қаҳарманы» атағы берилип, жоқары нышан– «Алтын жулдыз»  медалы тапсырылсын:

 

Ерниязов Муса Тәжетдинович  – Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы

 

Муротова Лола Неъматовна – Ферғана ўәлаяты Олтиариқ районы «Нурли обод» фермер хожалығының баслығы

 

Нормуродов Хасан Норбекович – «Нураный» қорының Самарқанд ўәлаяты бөлими баслығы

 

 

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2019-жыл 28-август