2019-жыл 27-август күни Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилиси болып өтти. Онда депутатлар Мәмлекетлик бюджеттиң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң 2019-жылдың биринши ярым жыллықтағы орынланыўының жуўмақларын көрип шықты.

Бул мәселе бурын сиясий партиялар фракцияларының ҳәм Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети депутатлар топарының, сондай-ақ, Нызамшылық палатасы жуўапкер комитетиниң кеңейтилген мәжилислеринде ҳәр тәреплеме додаланған еди.

Мәжилистен алдын депутатлар соңғы жылларда елимизде бюджет мағлыўматларының ашық-айдынлығын арттырыў, бюджет қаржыларының қәлиплесиўи ҳәм жумсалыўы үстинен парламентлик және жәмийетлик қадағалаўды буннан былай да күшейтиўге үлкен итибар қаратылып атырғанын атап өтти. Оның айқын мысалы болған усы мәжилисте Ҳәрекетлер стратегиясында ҳәм быйылғы жылға мөлшерленген Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген тийкарғы ўазыйпаларды избе-из әмелге асырыў, жәмийеттиң социаллық-экономикалық тараўларын түп-тийкарынан раўажландырыў бойынша алып барылып атырған реформалар экономиканы жаңаша усылда шөлкемлестириў, және де еркинлестириў, өндиристи модернизациялаў ҳәм диверсификациялаў, аймақлардың шийки зат ҳәм ресурс потенциалынан ақылға уғрас пайдаланыў, жедел инвестициялық сиясатты жүргизиў және бизнес орталығын жақсылаўда кеңнен имканиятларды жаратып атырғаны атап өтилди. Буның нәтийжесинде 2019-жылдың биринши ярым жыллығында макроэкономикалық турақлылықты ҳәм экономикалық өсиўдиң жоқары пәтлерин тәмийинлеўге имканият жаратылғаны атап өтилди.

Атап айтқанда, 2019-жылдың биринши ярымында Мәмлекетлик бюджет дәраматлары өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 52,9 процентке өсип, белгиленген реже 108,9 процентке орынланды, оның жалпы ишки өнимдеги үлеси болса 22,8 процентти қурады. Мәмлекеттеги ЖИӨ дерлик 222,0 трлн.сумды қурап, өткен жылға салыстырғанда 5,8 процентке өсти. Атап айтқанда, тармақлар қурамында аўыл, тоғай ҳәм балық хожалығының үлеси 27,3 проценттен 24,3 процентке азайған болса, санааттың үлеси 27,1 проценттен 30,3 процентке, қурылыс үлеси 7,3 проценттен 7,6 процентке өсти. Халықтың улыўма дәраматлары 153,3 трлн. сумды қурады ҳәм 2018-жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 121,7 процент номинал өсиўине ерисилди.

Мәжилисте мәмлекеттиң экономикасын раўажландырыў ҳәм салық-бюджет сиясаты тараўындағы, атап айтқанда салық ҳәкимшилигин және бюджетлераралық қатнасықларды жетилистириў, жергиликли бюджетлердиң дәрамат базасын беккемлеў бағдарында әмелге асырылған комплексли илажлар өз нәтийжесин бергени атап өтилди. Мәмлкекетлик бюджет дәраматларының орынланыўына тоқтап өткен депутатлар есап бериў дәўиринде Мәмлекетлик бюджет дәраматлары 50 696,9 млрд. сумды қурап, өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда 52,9 процентке өсиўге ерисилгени, белгиленген реже 4 133,9 млрд. сумға артығы менен ямаса 108,9 процентке орынланғанын унамлы баҳалады.

Парламент ағзалары Мәмлекетлик бюджеттиң қәрежетлерине де айрықша итибар менен қатнас жасады. Бул қәрежетлер (мәмлекетлик мақсетли қорларсыз) 55 266,3 млрд. сумды қурағаны атап өтилди. Есап бериў дәўиринде Мәмлекетлик бюджет қәрежетлериниң социаллық бағдарланғаны тәмийинленип, тараўға улыўма қәрежетлердиң 54,4 проценти муғдарында қаржылар жумсалған. Онда тийкарғы итибар халықтың реал дәраматларын избе-из арттырып барыў ҳәм социаллық қорғаў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият, илим, әдебият, көркем өнер ҳәм спорт тараўларын раўажландырыўға, қала ҳәм аўыллық жерлерде халықтың турмыс шараятын жақсылаўды тәмийинлейтуғын арзан турақ жайлар қурыў, социаллық инфраструктураны раўажландырыў ҳәм модернизациялаў бойынша мақсетли бағдарламаларды өз ўақтында қаржыландырыўға қаратылғаны дыққатқа ылайық болып есапланады.

Мәжилисте халықтың турмыс шараятын және де жақсылаў, арзанлатылған турақ жайлар қурыў сыяқлы социаллық әҳмийети жоқары болған ири жойбарларды әмелге асырыў бағдарында Президентимиз тәрепинен белгиленген ўазыйпаларды орынлаў Мәмлекетлик бюджет орынланыўының тийкарғы бағдарлары болғаны, бир ғана «Абат аўыл» ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламаларының 2019-жыл параметрлериниң орынланыўы ушын 136,1 млрд.сум  жумсалғаны атап өтилди. Буннан тысқары, билимлендириў тараўына социаллық қәрежетлердиң 54,5 проценти ажыратылғаны, денсаўлықты сақлаў тараўына Мәмлекетлик бюджеттен бағдарланған қаржылардың муғдары 6 630,9 млрд. сумды қурағаны да жоқары баҳаланды.

Социаллық тараў ҳәм халықты социаллық қоллап-қуўатлаў қәрежетлерине Мәмлекетлик бюджеттен 27 939,6 млрд. сум муғдарда қаржылар бағдарланған. Бир ғана балалықтан майыплығы ушын төленетуғын напақаларға Мәмлекетлик бюджеттен 657,5 млрд. сум қаржы ажыратылғаны усы тараўға итибардың қәншелли артып атырғанынан дәрек береди.

Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының жергиликли бюджетлерди қәлиплестириўде ҳәм қаржылардан нәтийжели пайдаланыўда бийғәрезлигин ҳәм жуўапкершилигин арттырыў бағдарында әмелге асырылған илажлардың нәтийжесинде усы жылдың биринши ярымында жергиликли бюджетлерге 2,6 трлн. сум муғдарында қосымша қаржылар түсирилген. Бул өткен жылдың сәйкес дәўирине салыстырғанда дерлик 54 процентке көп. Тиккелей жергиликли ҳәкимликлердиң ықтыярында қалдырылған бул қаржылар аймақларды раўажландырыўға, орынлардағы бар машқалаларды, шешимин күтип атырған мәселелерди шешиўге жумсалғаны гөзленген нәтийжелерди бермекте.

Соның менен бирге, мәжилисте депутатлар бюджет қаржыларынан мақсетсиз пайдаланыў, олардың нызамсыз жумсалыўына байланыслы айырым кемшиликлер де бар екенлигин көрсетип өтти. Атап айтқанда, есап бериў дәўиринде айырым бюджет шөлкемлеринде қаржылардың жумсалыўына байланыслы финанслық ҳуқықбузарлықларға жол қойылғаны, айырым тармақларға төлем тәртибине әмел етилмегени ақыбетинде дебиторлық ҳәм кредиторлық, әсиресе, бюджет алдындағы ийек артыўшылық қарыздарлығының жүзеге келип атырғаны кескин сынға алынды. Қадағалаў илажлары нәтийжесинде бюджет ҳаққында нызам ҳүжжетлериниң бузылыў ҳалатлары анықланған бюджет шөлкемлердиң 154 басшы ҳәм лаўазымлы шахсы 111,5 млн.сум муғдарында ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылып, олардан 88 млн. сумы өндирилгени бул бағдарда айрықша бас қатырыў керек екенлигин көрсетип атырғанына итибар қаратылды.

Буннан келип шығып, парламент ағзалары министрликлер ҳәм уйымлар, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары лаўазымлы шахсларының атқарыў тәртибин күшейтиў, Мәмлекетлик бюджеттиң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң келеси дәўир ушын өз ўақтында, сапалы орынланыўы үстинен қатаң парламентлик қадағалаўды әмелге асырыў үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Мәжилисте мәмлекетимиздиң тийкарғы финанслық ҳүжжетиниң есап бериў дәўириндеги орынланыўы сын көзқарастан таллаў руўхында, талапшанлың тийкарында көрип шығылды. Қызғын пикир-талас ҳәм додалаўлар жуўмағына бола, Мәмлекетлик бюджеттиң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң 2019-жылдың биринши ярым жыллығындағы орынланыўы ҳаққындағы есабын тастыйықлаў ҳаққында қарар қабыл етилди.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси

Нызамшылық палатасының

Баспасөз хызмети

ӨзА