23-24-август күнлери Мойнақ қаласында болып өткен «Стихия» электрон музыкалар фестивалына Англия, Испания, Германия, Дания, Франция, Голландия, Швеция, Жаңа Зеландия, АҚШ, Израиль, Қубла Корея, Грузия, Россия, Қазақстан ҳәм Түркменстан сыяқлы мәмлекетлерден туристлер, жергиликли халық ҳәм Өзбекстанның басқа аймақларынан мийманлар қатнасты. Қатнасыўшылардың улыўма саны 5000 адамды қураған болса, соның 500 и сырт елли ҳәм жергиликли туристлер болып табылады. Бул ҳаққында Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети хабар берди.
Илажды өткериўден баслы мақсет Мойнаққа сырт еллерден келетуғын туристлердиң ағымын көбейтиў, Өзбекстанда жаслар туризмин раўажландырыў ҳәм дүнья жәмийетшилигин Арал бойы экологиялық машқаласынан хабардар етиўден ибарат.
Еки күн даўамында Alien Rain (Германия), Jamaica Suk (АҚШ), Yan Cook (Украина), Acronym (Швеция), Mama Snake (Дания) ҳәм Dj Sodeyama (Япония) сыяқлы белгили диджейлер жыйналғанларға көтериңки кейпият бағышлады.
Сондай-ақ, «Стихия» фестивалын сәўлелендириў ушын The Telegraph, Resident Advisor, NBC телеканалы, Deutsche Welle, Guardian сыяқлы дүньяға белгили сырт ел ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ҳәм блогерлер, сондай-ақ, Арал теңизи ҳаққында китап жазып атырған Джей Оуенс келди.
Атап өтиў орынлы NBC телеканалының журналистлери «Стихия» ҳаққында фильм ислемекте ҳәм оны Нью-Йорктағы кинофестивальда көпшиликтиң итибарына усыныўды мақсет еткен.
«Өзбекстанда бундай дәрежедеги илаждың өткерилиўин күтпеген едим, барлығы күткенимизден де зыяда! Мен художникпен ҳәм сол себепли бул илаж маған жаңа шығарма жаратыўым ушын илҳәм бағышлады. Әжайып тәбият қушағында усындай жасларға арналған илажлардың өткерилиўи елиңизде туризмди раўажландырыўға түртки береди», – деп айтып өткен израильлы туристлердиң бири.
Япониялы Dj Sodeyama пурсаттан пайдаланып Өзбекстан ҳүкиметине жаратылған имканиятлар, шөлкемлестирилип атырған усындай илажлар ҳәм мирәт етип шақырғаны ушын шын жүректен миннетдар екенлигин билдирди.
Фестиваль жуўмақланыўы алдында ықтыярлылар тәрепинен исленген SEA инсталляциясы рәсмий түрде өртелди. Туристлер алдағы ўақытлары да Өзбекстандағы усындай илажларға қатнасыў нийетин билдирди.
Илаж «Факультет» жеке меншик шөлкеми, Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети, Centil Law ҳәм Peoples Travel, Гёте институты ҳәм Indorama тәрепинен шөлкемлестирилди.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлиги.