Кәримов Фонды баспа бағдарында және бир дөретиўшилик жойбарды әмелге асырды – жазыўшы Луқмон Бўрихонның «Алаў көтерген адам» атлы романын басып шығарды.

Бул көркем шығармада Ислам Кәримов Қашқадәрья ўәлаяты компартиясының биринши хаткери ўазыйпасында ислеген ўақытларынан баслап ӨзССР компартиясы Орайлық Комитетиниң биринши хаткери лаўазымына тайынланғанына шекемги болған дәўир жазылған.

Ислам Кәримов 1986-жылы экономикалық ҳәм социаллық  тараўда ең артта қалған аймақлардан бирине айланып қалған Қашқадәрьяға жиберилди. Сол ўақытлары жергиликли халықтың ўәлаят басшыларына болған исеними пүткиллей жоғалған еди. «Пахта иси» деп аталған тергеў себепли пүткил мийнеткеш халыққа «уры», «парахор» сыяқлы жалалардың жабылыўы жағдайды және де қыйынластырған еди. Атап өтилгениндей, сол ўақытлары ўәлаят социаллық-экономикалық көрсеткишлер бойынша да республикада ең төменги орынларға түсип қалған еди.

Ислам Кәримовтың алдында қыйын ўазыйпа турған еди: ол адамлардағы түскин кейпиятты сапластырыўы, халықтың исенимине ерисип, оларда жақты күнлерге исеним оятыўы керек еди. Ўәлаяттын бурынғы басшыларының дәўиринде «пахта иси» бойынша жазаға тартылған шаңарақларға басқалардың ҳәтте жақынласыўы да қадаған етилген еди. Олардан өзгешеленген түрде, Ислам Кәримов теңсизликтиң қурбаны болған шаңарақларға жақыннан турақлы түрде жәрдем көрсетти.

Сол ўақытлары Орайда Қашқадәрья ҳәм Бухара ўәлаятларын бирлестириў ҳаққындағы усыныс қызғын додаланып атырған еди. Ислам Кәримовтың исенимли ҳәм ийгиликли ис-ҳәрекетлери менен Қашқадәрья өз алдына ўәлаят сыпатында сақлап қалынды.

Халықтың ўәлаят басшыларына болған исеними әсте-ақырынлық пенен қайта тикленди. Сондай-ақ, Қашқадәрьяның хожалық-экономикалық көрсеткишлери жақсылана баслады. Усы тәризде Ислам Кәримовтың жетекши ҳәм хожалық басқарыўшысы сыпатындағы абырайы да беккемленди. Бул болса, нәтийжеде, оның республика басшысы етип тайынланыўында шешиўши әҳмийетке ийе болды.

«Алаў көтерген адам» романында усы сыяқлы ўақыялар ҳәр тәреплеме суўретленген. Автор Луқмон Бўрихон шығарма үстинде ислеў процесинде ҳәр түрли ҳүжжетлерди, тарийхый дәреклерди үйренген, сондай-ақ, жазылған ҳәдийселердиң гүўасы болған қашқадәрьялылар менен көп мәрте ушырасып, пикирлескен.

Итибарлы тәрепи, автор бас қаҳарман портретин талапшаң ҳәм жуўапкершиликли басшы сыпатында сүўретлеп қоймастан, шахс ҳәм инсан сыпатында да көрсетип бере алған, оның қайғылары, дәртлери, арзыў-нийетлери, үмитлерин тәсирли, исенимли етип сүўретлеген.

ӨзА