Бүгин Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен бакалавриат билимлендириў бағдарлары бойынша тапсырылған тест сынақларының нәтийжелери жәрияланыўы күтилмекте, деп жазады Kun.uz сайты.

Бул ҳаққында 21-август күни Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигинде Мәмлекетлик тест орайы жуўапкерлериниң қатнасыўында өткерилген баспасөз конференциясында мәлим етилген.

Атап айтқанда, МТО бас басқармасының баслығы Барно Ражабов журналистлер тәрепинен быйылғы мандат нәтийжелери кешигип атырғаны ҳаққындағы сораўға төмендегише мазмунда жуўап қайтарған:

«Тест сынақлары 15-августта жуўмақланды ҳәм нызамшылыққа муўапық, мандат тест процеслери жуўмақланғаннан соң 1 ҳәптениң ишинде жәрияланыўы керек. Мандат нәтийжелери бүгин кеште ямаса ертең күндиз жәрияланады».

Мәмлекетлик тест орайының ўәкили мандат тест процеслери жуўмақланғанынан соң бир ҳәпте ишинде жәрияланатуғынлығын быйылғы жылы ҳәр бир абитуриент бир ўақыттың өзинде үш жоқары оқыў орнына ҳүжжет тапсырыўы биринши мәрте жолға қойылғаны менен байланыслы екенлигин атап өтти.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.