Өзбекстан Республикасы нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердиң жойбарларын додалаў порталында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң «2019-жыл зүрәәти пахта шийки затының жыйм-терим жумысларын үйлесимли түрде өткериў илажлары ҳаққында»ғы қарарының жойбары додалаўға қойылды.

 

«2019-жыл зүрәәти ушын жетистирилген пахта шийки затын терип алыўда:

– пахта шийки затының машинада терилген 1 тоннасы ушын 500 000 сум хызмет ҳақы төлеў;

– пахта шийки затының қолда терилген 1 килограмы ушын биринши теримде орташа талшықлы пахта сортлары ушын – 800 сумнан, узын талшықлы пахта сортлары ушын – 1000 сумнан, екинши теримде орташа талшықлы пахта сортлары ушын – 1000 сумнан, узын талшықлы пахта сортлары ушын – 1400 сумнан мийнет ҳақы төлеў;

– пахта жыйым-терими мәўсиминде терим отряды басшылары және Сырдәрья ўәлаятында шөлкемлестирилип атырған атыз орайларының басшыларына (менеджерлери) пуқаралық-ҳуқықый шәртнамалар тийкарында Өзбекстан Республикасы Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги жанындағы Жәмийетлик жумыслар қоры қаржылары есабынан мийнет ҳақы төлеў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын», – деп жазылған қарар жойбарында.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.