15-август күни азанда Подмосковьеде двигателине қус келип урылған А321 самолёты күтилмеген қоныўды әмелге асырды. Хабарларға қарағанда, «Урал авиалиниясы» ушыўшысы Дамир Юсуповтың дурыс ҳәрекети ҳәм фантастикалық батыллығы себепли 233 адамның өмири қутқарып қалынған – борта экипаждың 7 ағзсы ҳәм 226 жолаўшы болған.

Юсупов Москвадан Симферополь қаласына пәрўаз етип атырған ҳаўа лайнериниң басқарыўын өз қолына алған, двигательлерди өширип, шассиди жыйнастырған ҳәм самолётты жүўери атызына қондырған.

Буннан соң Дамир бириншилерден болып жолаўшыларды эвакуация етиўди баслап жиберген. Асығыс эвакуация ақыбетинде 10 адам жеңил жарақат алған.

Бул ўақыядан соң көплеген россиялылар қаҳарман ушыўшының ким екенлигине қызықсына баслаған.

Дамир Юсупов юридика бағдарында билим алған, усы тараў бойынша бир неше жыл Сизранда жумыс ислеген. Мусылманлардың жәмийетлик турмысында белсене қатнасып келмекте, Татарстан автономиясының ағзасы болған.

Табыслы юридикалық карьерасына қарамастан, Дамир Юсупов балалықтағы ушыўшы болыў әрманын әмелге асырыўды да умытпаған.

Ол Бугуруслан ҳаўа мектебин питкерген, кейин Ульянов авиациялық институтында билим алған. 36 жасында ушыўшы болған.

Ҳәзирги ўақытта Екатеринбургта жасайды. 42 жаслы Дамир Юсупов үш перзенттиң әкеси. Ол енди миллий қаҳарманға айланды.

Социаллық тармақларда Дамир Юсуповтың бетине россиялы интернет пайдаланыўшылары тәрепинен көплеген миннетдаршылықлар келмекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.