Нөкис қаласы Ҳәкимшилик судының баслығы А.Салиевтиң басшылығында  «Ҳаўа жоллары» мәкан пуқаралар жыйынында гезектеги көшпели суд мәжилиси болып өтти.

Илажда Нөкис қаласы ишки ислер уйымлары жумысларын муўапықластырыў басқармасы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги тәрепинен топланған ҳәкимшилик ис материаллары қарап шығылды. Атап айтқанда, жәми 13  ҳәкимшилик ис материалы көрип шығылып, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң  131-статьясы 2-бөлими менен еки шахсқа 15 сутка ҳәкимшилик қамақ жазасы, усы Кодекстиң 1763-статьясы менен бир шахсқа жәрийма жазасы берилген болса, еки шахстың ис материалы өндиристен қысқартылып, ҳәкимшилик жуўапкершиликтен азат етилди.

Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик Жуўапкершилик ҳаққындағы Кодекстиң  133-статьясы менен еки шахсқа жәрийма жазасы,  усы Кодекстиң 131-статьясы 1-бөлими менен еки шахсқа барлық түрдеги автомашиналарды басқарыў ҳуқықынан айырған ҳалда ең кем ис ҳақының жигирма бес есеси муғдарында жәрийма, 52-статьяның 2-бөлими менен бир шахсқа жәрийма жазасы тайынланды.

-Бундай көшпели суд мәжилислерин өткериўдеги мақсет, пуқараларға қолайлы шараят жаратыў, ҳәр қандай ҳәкимшилик ис материалын орынларда аймақ турғынларының қатнасында көрип шығыў болып табылады,-дейди Нөкис қаласы Ҳәкимшилик судының баслығы Амангелди Салиев.-Әлбетте, бундай көшпели суд мәжилислеринен халқымыз, әсиресе, жасларымыз келешекте тийисли дурыс жуўмақ шығарады, деген үмиттемиз.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.