Усы жылдың 16-август күни Ташкент қаласындағы 103-санлы улыўма билим бериў мектеп-интернатында «Жылдың ең жақсы китапқумар мектеби» таңлаўының Өзбекстан Республикалық басқышы болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги, Республикалық балалар китапханасы тәрепинен китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў арқалы оқыўшылардың руўхый дүньясын байытыў, оларда еркин ҳәм аналитикалық пикирлеў көнликпе ҳәм тәжирийбелерин қәлиплестириў, руўхый қәўиплерге қарсы саламат иммунитетин раўажландырыў мақсетинде өткерилген таңлаўдың финаллық басқышы улыўма 4 шәрт тийкарында өткерилди.

Таңлаўдың финаллық басқышына Өзбекстанның 14 аймағынан улыўма 84 педагог қатнасты.

Қарақалпақстан Республикасынан қатнасқан Тахтакөпир районындағы 3-санлы улыўма билим бериў мектебиниң ана тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими Гүлнара Алиева таңлаўда «Ең басламашы ана тили ҳәм әдебияты пәни муғаллими» номинациясының жеңимпазы деп табылды.

Таңлаў жеңимпазлары, сыйлы орын ийелери, номинациялар жеңимпазлары ҳәм қатнасыўшылар министрлик тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғалары менен сыйлықланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.