Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 78-статьясына муўапық, Жумысқа қабыл етиўден нызамға қайшы тәризде бас тартыўға жол қойылмайды. Төмендегилер жумысқа қабыл етиўден нызамға қайшы бас тартыў деп есапланады:

– усы Кодекстиң 6-статьясының биринши бөлими талапларының бузылыўы;

– жумыс бериўши тәрепинен усыныс етилген адамларды жумысқа қабылламаў;

– жумыс бериўши нызам тийкарында мийнет шәртнамасын дүзиўи шәрт болған адамларды (белгиленген минимал жумыс орынлары есабынан жумысқа жиберилген адамларды, ҳәмиледар ҳаялларды ҳәм үш жасқа толмаған балалары бар ҳәялларды тийисли түрде олардың ҳәмиледарлығы ямаса баласы бар екенлигин бәнелеп) жумысқа қабылламаў;

– алдын судланған адамларды жумысқа қабылламаў, буған нызам ҳүжжетлеринде көрсетилген жағдайлар кирмейди, ямаса адамларды олардың жақын ағайинлери судланғанлығы себепли жумысқа қабылламаў;

– Жумысқа қабыл етиўден бас тартылған жағдайда, хызметкердиң талабы менен жумыс бериўши жумысқа қабыллаўдан бас тартыўдың себебин көрсетип үш күнлик мүддет ишинде жазба түрде жуўап бериўи шәрт, бул жуўап жумысқа қабыл етиў ҳуқықына ийе болған жуўапкер адам тәрепинен тастыйықланған болыўы керек. Тийкарланған жуўап бериў ҳаққындағы талапларды қанаатландырыўдан бас тартыў хызметкердиң жумысқа қабыллаўдан нызамға қайшы тәризде бас тартылғаны бойынша шағым етиўге тосқынлық етпейди. Бул ҳаққында ӨзР Жоқары суды жазбақта.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.