Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги суд медициналық хызмети жумысын және де жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикалық суд-медициналық экспертиза бюросы суд-медициналық экспертиза илимий-әмелий орайы Қарақалпақстан филиалы болып қайта шөлкемлестирилди. Филиалдың бүгинги күнде районлық ҳәм районлараралық бөлимлери, суд-медициналық амбулатория, суд морфология ҳәм гистология, суд биология, суд химия, суд криминалистика бөлимлери жумыс алып бармақта. Суд химия лабораториясы қурамына суд биохимия лабораториясы, медициналық криминалистика бөлимине спектрлы-рентгенологиялық лабораториялар киргизилген.

Усы қарардың қабыл етилиўи менен суд-медициналық хызмети жумысының сапасын жақсылаў, экспертизалар өткериўдиң сапасы ҳәм исенимлилигин арттырыў бойынша айтарлықтай илажлар әмелге асырылды. Бул ҳаққында Республикалық суд-медициналық экспертиза илимий-әмелий орайының бас шыпакери Бердимурат Далжанов мағлыўмат берди:

– 2019-2020-жыллар даўамында Орайды ҳәм Қарақалпақстан Республикасында, Самарқанд, Ферғана ўалаятларындағы филиалларын ген-молекуляр изертлеўлер өткериў үскенелери менен тәмийинлеў режелестирилген. Бул тараўдың алға илгерилеўине қәншелли тәсир көрсетеди?

– Усы қарар менен Денсаўлықты сақлаў министрлиги суд-медициналық хызметиниң материаллық-техникалық базасын түп-тийкарынан жақсылаў бойынша илажлар бағдарламасы тастыйықланды. Усы бағдарламаға тийкарланып ҳәм халықтың мүтәжлигине бола, ген молекуляр лаборатория (ДНК тексериўлер) жынаят ислерин ашыўды жеделлестириў мақсетинде ашылмақта. Филиалымызды ДНК лаборатория ҳәм аппаратлар менен тәмийинлеў республикамызда прокуратура ҳәм ишки ислер уйымларында аўыр жынаятларды қысқа ўақыт ишинде ашыўда үлкен үлесин қосады. Буннан тысқары криминалистика бөлимине МРТ, КТ, УЗИ аппаратлары алып келинип, бул экспертиза тексериўлериниң сапалылығын арттырыўға хызмет етеди.  Соның менен бирге, жақында филиалдың штатлар санының көбейиўи, жаңа тексериў жумысларын алып барыў ушын илимий изертлеў, мәлимлеме-коммуникация бөлимлериниң ашылыўы да режелестирилген.

– Әндижан, Жиззақ, Наўайы, Самарқанд, Сырдәрья ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларындағы аймақлық филиаллардың имаратын үлги жойбарлар тийкарында қурыў, реконструкциялаў нәзерде тутылған болып, Қарақалпақстан Республикасы филиалында қандай илажлар әмелге асырылмақта?

– Филиал имаратын реконструкциялаў, филиалға қосымша жаңа имарат салыў режелестирилген болып, бул бойынша жойбарлар таярланды. Медициналық үскенелердиң ҳәм материаллардың дизими ислеп шығылды. Морглар ҳәм лаборатория бөлимлеринде суд-медициналық ҳәм криминалистлик изертлеўлерди 8!9 9001 ҳәм 17025 халықаралық дәрежелерге муўапық өткериў ушын оларды суўытатуғын камералар, секциялардан ибарат топламлар, заманагөй үскенелер, реактив затлар менен тәмийинлеў нәзерде тутылған.

– Филиал қәнигелери усы тараўға қәнигелескен жетекши сырт еллердиң орайлары ҳәм мәкемелеринде таярлаў, қайта таярлаў, олардың тәжирийбесин арттырыў, сондай-ақ, сырт еллердиң қәнигелерин тартқан ҳалда семинар-тренинглер ҳәм шеберлик сабақларын өтиў бойынша исленген жумыслар ҳаққында мағлыўмат берсеңиз?

– Суд-медициналық хызмет ушын қәнигелерди таярлаў медициналық жоқары магистратура ҳәм клиникалық ординатурасы арқалы әмелге асырылады. Бүгинги күнде лаборатория бөлимлериниң 75-80 проценти экспертлер менен тәмийинленген. Оларды қайта таярлаў ҳәм билимин арттырыў Ташкент қаласындағы Шыпакерлердиң қәнигелигин жетилистириў институтының қәнигелестирилген кафедрасы тәрепинен әмелге асырылады. Соның менен бир қатарда «суд медициналық экспертиза» қәнигелиги бойынша 4 магистр, 1 клиник ординатор ҳәм 2 қәниге өз қызығыўшылығы менен қайта таярлаўдан өтип, жумысларын даўам етпекте. Быйыл болса, 4 клиник ординатор усы қәнигелик бойынша оқып, билимин арттырмақта.

Сондай-ақ, суд-медицина хызметин реформалаўдың тийкарғы бағдары сыпатында суд-медициналық экспертиза жумысына заманагөй мәлимлеме-коммуникация технологияларын жедел түрде енгизиў жумыслары да әмелге асырылмақта.

М.ПИРНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.