Нөкис қаласында жасаўшы Жамшид Баҳромов (аты фамилиясы өзгертилген) ески танысы Икром Анваровты жумысқа киргизип бериўди ўәде етип, 2 мың 500 АҚШ долларды алып атырғанда айғақлы дәлийл менен ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери тәрепинен усланды.

Әлбетте, ишки ислер уйымларына жумысқа жайласыўдың өз талап ҳәм қағыйдалары бар.

Тилекке қарсы, айырымлар бул бағдарда нызамлы жолды умытып, алдаўшылардың қармағына илинип қалмақта. Жоқары оқыў орнын тамамлаған Икром Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасы жанындағы экономикалық жынаятларға қарсы гүресиў департаментине ямаса ишки ислер министрлигиниң уйымларына жумысқа кириўди мақсет етеди. Оның нийетин билген Жамшид аңсат жол менен байлық арттырыўды нийет етеди.

Тез арада исенимине кирип, өзиниң жоқары лаўазымларда ислейтуғын таныслары арқалы жумысқа киргизиўге ўәде береди. Бирақ оның өтириги әмелге аспады. Ҳуқық қорғаў уйымларының хызметкерлери тәрепинен өткерилген гезектеги оператив илаж даўамында Ж.Баҳромовтың нызамсыз ҳәрекети анықланды.

Жынаят ислери бойынша Тахтакөпир районлық суды тәрепинен бул жынаят иси көрип шығылып, оған тийисли жаза тайынланды.

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ, ӨзА