Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 14-август күни елимизди социаллық-экономикалық раўажландырыў бойынша 2019-жылдың биринши ярымында әмелге асырылған жумысларды додалаў және  9 ай ҳәм жыл жуўмағы бойынша белгиленген прогноз параметрлерине ерисиўди тәмийинлейтуғын тийкарғы ўазыйпаларға бағышланған кеңейтилген мәжилис өткерилди.

Онда Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси палаталарының басшылары, Бас министр ҳәм оның орынбасарлары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, министрликлер, уйымлар, хожалық бирлеспелери ҳәм коммерциялық банклердиң басшылары қатнасты.

Мәжилисте макроэкономикалық турақлылықты тәмийинлеў, жанылғы-энергетика, қайта ислеў санааты ҳәм агросанаат тармақларын модернизациялаў, аймақларды комплексли раўажландырыў, исбилерменликти қоллап-қуўатлаў, социаллық тараўларды жақсылаў, халықтың абаданлығын арттырыў бойынша көрилип атырған илажлардың нәтийжелери терең талланды.

Буннан былай Министрлер Кабинети комплекслериниң басшылары, министрлер, комитетлер ҳәм хожалық бирлеспелериниң басшылары өзлериниң жумыс усылын түп-тийкарынан өзгертип, көбирек аймақларға, алыс аўылларға барып, төмендеги машқалаларды анықлаў ҳәм шешиўде ҳәкимликлер, исбилерменлер және орынлардағы басшыларға әмелий жәрдем бериўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

Онда ҳәр бир комплекс басшысы өзиниң министрлери менен бирге ҳәр шеректе ўәлаятларға барып, тийисли тараўларда бар машқалаларды шешиўи ҳәм нәтийжелери бойынша халық депутатлары ўәлаятлық кеңеси және белсендилери алдында есап бериўи керек.

Тап усы тақыллетте, ўәлаятлардың ҳәкимлери де өз орынбасарлары ҳәм ўәлаят басқармалары басшылары менен бирге ҳәр шеректе районларға барып, машқалаларды шешип, халық депутатлары районлық кеңеси ҳәм белсендилер алдында есап береди.

Олий Мажлис палаталары ҳәм Министрлер Кабинетине басшы ҳәм ҳәкимлердиң төменге буўынға түсип ислеўи ҳәм есап бериўи бойынша жаңа системаны әмелде енгизиў жуўапкершилиги жүкленди.

Мәжилисте макроэкономика, структуралық өзгертиўлер, финанс-банк системасы ҳәм жеке исбилерменлик мәселелери додаланды. Быйылғы жылдың биринши ярымында елимиздиң жалпы ишки өними 5,8 процент, санаат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 6,9 процент өскени атап өтилди. Жергиликли бюджетлердиң ықтыярында 2,6 триллион сумнан зыят ямаса өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 1,5 есе көп қаржы қалдырылды. Бюджет дәраматлары дерлик 51 триллион сум ямаса прогнозға салыстырғанда 109 процентти қурады.

Мәжилисте мәмлекетлик бюджеттиң дәраматлары ҳәм қәрежетлери теңдей болыўын тәмийинлеў, жергиликли бюджетлерге қосымша түсимлер резервлерин табыў ҳәм мобилизациялаў бойынша көрсетпелер берилди.

Банк системасын түп-тийкарынан реформалаў, заманагөй банк хызметлерин енгизиў ҳәм олардың сапасын арттырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы баҳалардың кескин артып кетиўиниң алдын алыў мәселесине айрықша итибар қаратты.

Дәслепки 6 айда инфляция 5,6 процентти қурап, прогноз көрсеткишлеринен аспаған. Лекин тарифлер ҳәм баҳалар басқышпа-басқыш базар механизмлерине өтип атырғаны себепли жуўапкерлерге инфляция өсиўиниң алдын алыў бойынша зәрүр илажлар көриў тапсырылды.

Бизге белгили, август айының басында өткерилген мәжилисте киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликти раўажландырыў мәселеси ҳәр тәреплеме додаланып, бул бағдарда жаңа система енгизиў белгиленген еди. Экономика ҳәм санаат министрлиги жанында Киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў агентлиги шөлкемлестирилип, оған Исбилерменликти қоллап-қуўатлаў қоры, коммерциялық банклер ҳәм қамсызландырыў компаниялары бириктирилди.

Мәжилисте усы жаңа системаны орынларда енгизиў арқалы халықты исбилерменликке кеңнен тартыў, олардың бәнтлигин ҳәм дәраматын арттырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Санааттың экономикадағы орнын арттырыў мәселесине де тоқтап өтилди.

-Соңғы бир жылда жалпы ишки өнимниң қурамында санаттың үлеси 26 проценттен 30 процентке жеткен болса да, бул биз баслаған реформалар көлемине салыстырғанда еле жетерли емес,-деди Шавкат Мирзиёев.

Усы жылдың ақырына шекем Наўайы кән-металлургия комбинатында 25, «Өзэлтехсанаат»та 18, «Өзавтосанаат»та 7, Алмалық кән-металлургия комбинатында 5 инвестициялық жойбар бойынша жаңа қуўатлықлар иске түсирилиўин жеделлестириўге байланыслы усыныслар берилди.

Дерлик 100 түрдеги күнделикли тутыныў товарларын санаат кооперациясы арқалы ислеп шығарыўды жолға қойыў, кәрханалар менен мәнзилли ислесип, олардың қуўатлылығын арттырыўға жәрдемлесиў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәмлекетимизде Жедел инвестициялар ҳәм социаллық раўажланыў жылы деп жәрияланған быйылғы жылда инвестициялар, бәринен бурын, тиккелей сырт ел инвестицияларын тартыў ҳәм өзлестириў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.

Биринши ярым жыллықта дерлик 86 триллион сум, яғный өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 1,6 есе көп инвестициялар өзлестирилгени буған айқын мысал болып табылады. Сондай-ақ, тиккелей сырт ел инвестицияларының өзлестирилиўи 2,7 есе, халықаралық финанс институтлары қаржыларының тартылыўы 3,7 есе өскен.

Мәмлекетимиз тарийхында биринши мәрте инвестицияның жалпы ишки өнимдеги үлеси 38 проценнтен асқанлығын айрықша атап өтиў зәрүр. Алдынғы жыллары бул көрсеткиш 25 процентке де жетпейтуғын еди.

12-август күни өткерилген видеоселектор мәжилисинде инвестициялардың ҳәм экспорттың көлемин көбейтиў бойынша белгилеп берилген ўазыйпалардың өз мүддетинде ҳәм сапалы орынланыўын тәмийинлеў зәрүрлиги және бир мәрте атап өтилди.

Жанылғы-энергетика тараўы ҳәм санааттың базалық тармақларын раўажландырыў бойынша системалы реформалар әмелге асырылмақта. Усы тармақта бирден-бир мәмлекетлик сиясатты алып барыўшы Энергетика министрлиги шөлкемлестирилди.

Мәжилисте усы тараўды избе-из раўажландырыў, барған сайын өсип баратырған ишки талапты қанаатландырыў ушын шийки зат базасын турақлы кеңейтип барыў кереклиги атап өтилди.

Электр энергиясын ислеп шығарыў ҳәм жеткерип бериўде жоғалтыўларды азайтыў, энергия ресурслары ушын есап-санақлар системасын тәртипке салыў, дебитор қарыздарлықты қысқартыў бойынша анық тапсырмалар берилди.

Химия санаатында жаңа өнимлер ислеп шығаратуғын 4 кәрхананы жылдың ақырына шекем пайдаланыўға тапсырыў, 31 инвестициялық жойбар бойынша жумысларды тезлетиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Автомобиль қурылысы, аўыл хожалығы машина қурылысы, электротехника санаатын және де раўажландырыў, комплектлеўши бөлеклерди локализациялап, өнимлердиң өзине түсер баҳасын азайтыў, өндирис ҳәм эксперттиң көлемин арттырыў бойынша қосымша ўазыйпалар белилеп берилди.

Буннан соң аймақларды комплексли раўажландырыў ҳәм коммуникациялар инфратструктурасын жақсылаў мәселелери көрип шығылды.

Есап бериў дәўиринде турақ жайлар, жол-логистика ҳәм социаллық инфраструктура объектлерин қурыў бойынша көплеген жумыслар әмелге асырылды. Атап айтқанда, «Абат аўыл» бағдарламасы шеңберинде 159 райондағы 478 аўыл жаңа көриниске ийе болды, оларға ишимлик суўы, газ ҳәм электр тармақлары тартылды. Сондай-ақ, 3,6 мың километр автомобиль жолларында қурылыс-оңлаў жумыслары орынланды.

Бул бағдардағы жумысларды даўам еттирип, халықтың турақ жайға болған талабын қанаатландырып, социаллық шараятларды жақсылаў мәселелерине және бир рет итибар қаратылды.

Жылдың ақырына шекем 10 мың турақ жай ҳәм 111 көп қабатлы жайларды қурып питкериў, 1 мың 200 километр ишимлик ҳәм ақаба суў тармақларын қурыў және реконструкциялаў, олардың сапасын және баҳаларын айрықша қадағалаўға алыў зәрүрлиги атап өтилди.

Транспортта жолаўшы ҳәм жүк тасыўдың сапасын арттырыў мәселеси додаланып, жуўапкерлерге 10 мың километрлик республикалық ҳәм жергиликли әҳмийетке ийе жолларды қурыў ҳәм оңлаў, халықаралық жүк тасыўларға қәнигелескен транспорт-логистика қоспа кәрханаларын дүзиў, Бухара, Қаршы, Нөкис ҳәм Термиз халықаралық аэропортларын «ашық аспан» режимине өткериў, «Наўайы қурғақлық порты»н шөлкемлестириў бойынша тапсырмалар берилди.

Қурылыс материалларын ислеп шығарыў көлемин арттырыў, қала қурылысы нормалары менен жойбарластырыў процесслерин жетилистириў, қоршаған орталықты қорғаў бойынша да ўазыйпалар белгиленди.

Мәжилисте аграр тараўын ҳәм азық-аўқат санаатын раўажландырыў бағдарындағы нәтийжелер де талланды.

Кейинги үш жылда бул тараўларды турақлы раўажландырыў, өнимлер ислеп шығарыўды көбейтиў бойынша көплеген қарарлар ҳәм бағдарламалар қабыл етилди. Фермерлердиң мәпдарлығын ҳәм дәраматларын арттырыўға қаратылған экономикалық механизмлер енгизилди.

Бүгинги күнде тутыныў өнимлериниң 70 проценти экономиканың усы тармағында жаратылмақта. 180 нен зыят түрдеги аўыл хожалығы өнимлери 80 мәмлекетке экспорт етилип. Экспорттан түсип атырған жәми дәраматтың 20-25 процентин тәмийинлемекте. Экономикалық жақтан белсенди халықтың 27 проценти усы тараўда бәнт.

Ҳәзирге шекем 94 районда 76 пахта-тоқымашылық кластери шөлкемлестирилген. Быйылғы ғәлле өними 7 миллион тоннадан артты. 15 мың гектар интенсив бағ ҳәм 11 мың гектар жүзимгершилик жаратылды.

Мәжилисте бул бағдардағы жумысларды избе-из даўам еттириў, гүз айларында қосымша овощлар егиў, районлардың тәбийғый ықлым шараятынан келип шығып, өнимдарлықты арттырыў илажлары да белгиленди.

Өнимлерди жыйнаў, сақлаў, қайта ислеў, қадақлаў ҳәм экспорт етиў бойынша инфраструктураны раўажландырыў мәселеси көрилип, усы жылдың ақырына шекем қуўатлылығы 150 мың тонна болған 12 логистика орайын ҳәм сыйымлылығы 143 мың тонна болған 224 музлатқышлы қоймахананы иске түсириў зәрүрлиги атап өтилди.

Ғәллешилик кластерлерин, шарўашылық, қусшылық ҳәм балықшылық комплекслерин шөлкемлестириў, суўды үнемлейтуғын технологияларды кеңнен енгизиў бойынша да анық илажлар белгиленди.

Социаллық тараўларды раўажландырыў мәселелерине де тоқтап өтилди.

Мәмлекетимизде билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, туризм, спорт ҳәм илим тараўларына, ҳаял-қызлар ҳәм жаслар мәселелерине айрықша әҳмийет қаратылмақта.

Соның ишинде, халық билимлендириўи, денсаўлықты сақлаў тараўларын узақ мүддетли раўажландырыў бойынша концепциялар қабыл етилди. Социаллық тараў хызметкерлериниң мийнет ҳақысы орташа 1,5-2 есеге арттырылды.

Өткен дәўирде 14 жаңа жоқары билимлендириў мәкемеси, соның ишинде, 6 жергиликли ҳәм 8 сырт ел жоқары билимлендириў мәкемеси филиалының жумысы жолға қойылып, 40 жаңа билимлендириў бағдары және 41 жаңа қәнигелик шөлкемлестирилди. Қабыллаў квоталары өткен жылға салыстырғанда 20 процентке көбейтилди.

Туризм тараўын жедел раўажландырыў бойынша көрилген илажлар нәтийжесинде 6 айда елимизге 3 миллионнан аслам сырт ел туристи келди. Бул өткен жылға салыстырғанда 30 процент көп. Сондай-ақ, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 28 процент көп туризм хызметлери экспорт етилди.

Ҳаял-қызлар исбилерменлигин раўажландырыў мақсетинде 100 миллиард сум ажыратылды. Быйылғы жылдың 6 айы даўамында усы қаржылардың 41 проценти өзлестирилип, ҳаял-қызлар тәрепинен 1 мың 755 жойбар әмелге асырылды ҳәм 2 мың 240 жумыс орны жаратылды.

Мәжилисте социаллық тараўларды буннан былай да раўажландырыў, хызметлер қамтыўын ҳәм сапасын арттырыў бойынша қосымша ўазыйпалар белгилеп берилди.

-Барлық мәмлекетлик уйымлар ҳәм кәрханаларда системалы ислеў, қатаң тәртип-интизам, қабыл етилген қарарларды сөзсиз орынлаў, исбилерменлерди ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм әмелий жәрдем бериў реформаларымыздың нәтийжелилигин тәмийинлеўде тийкарғы фактор болыўы зәрүр ҳәм шәрт,-деди Президент.

Додаланған мәселелер бойынша Бас министр ҳәм оның орынбасарлары, министрликлер менен уйымлар, хожалық бирлеспелери, аймақлардың басшылары әмелге асырылған жумыслардың нәтийжелилиги, 9 ай ҳәм жыл жуўмағы бойынша күтилип атырған нәтийжелер, бул бағдардағы тийкарғы ўазыйпаларды орынлаў бойынша есап берди.

Мәжилис жуўмақлары бойынша тийисли илажлар белгиленди.

ӨзА