Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 9-июльдеги бийлиги менен Айбек Туреев Бас министрдиң Қарақалпақстан Республикасы Қараөзек районындағы исбилерменлердиң мүрәжатларын көрип шығыў қабыллаўханасының баслығы етип тайынланды.

А.Туреев 1986-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң юридика факультетин питкерген. Өзиниң мийнет жолын Кегейли районы «Халқабад» хожалығында  юрист-мәсләҳәтши болып ислеўден баслаған. Буннан кейин, «ККплодоовощвинпром» концернинде юрист-мәсләҳәтши, Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министрлигинде мәсләҳәтши, аға мәсләҳәтши, кадрлар бөлиминиң баслығы, Ислер басқарыўшысы, Шоманай районы судының баслығы, жынаят ислери бойынша Нөкис қалалық судының судьясы, Қарақалпақстан Республикасы жынаят ислери бойынша  жоқарғы судының судьясы, Қараөзек районлық Әдиллик бөлиминиң бас мәсләҳәтшиси лаўазымларында ислеген.

-Елимизде киши бизнес ҳәм исбилерменликти раўажландырыў, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаўға айрықша итибар қаратылмақта,-дейди қабыллаўхана баслығы А.Туреев.-Усы жыл 2-август күни Президентимиздиң басшылығында болып өткен видеоселектор мәжилисинде бул бағдарда әмелге асырылып атырған жумыслар менен бир қатарда, орын алып атырған машқалалар да атап өтилди.

Буннан тийисли жуўмақ шығарған ҳалда,  мәжилисте атап өтилгениндей, исбилерменлердиң басламаларын әмелге асырыўға тосқынлық етип атырған бир қатар машқалаларды орайлық уйымлардың араласыўларысыз орынларда шешиўдиң илажларын көриўимиз тийис. Буның ушын бар билим және тәжирийбемизди жумсаўға, солай етип, билдирилген исенимди ақлаўға ҳәрекет етемиз.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.