Усы жылдың биринши августында Гренландияда рекорд дәрежедеги муз ериўи бақланды. Илимпазлардың атап өтиўинше, 12 ярым миллиард тонна муздың ериўи нәтийжесинде пайда болған суў океанға қосылған.
Салыстырыў ушын, бундай муғдардағы суў еки сантиметр қалынлықта пүткил Флорида штатын қаплай алыўы мүмкин болады. Бул ҳаққында мәлим еткен Smithsonian баспасында жазылыўынша, муздың ериў процеси бақланып басланған 1950-жылдан берли биринши рет бундай үлкен муғдардағы муз ериўи атап өтилген.
ӨзА