ӨзР Ишки ислер министри Пўлат Бобожонов «Жаслық» жазаны атқарыў колониясында 5 мыңнан 10 мыңға шекем, сондай-ақ, 5 мыңға шамалас диний экстремистлердиң сақланыўы ҳаққындағы хабарларды бийкарлады.

– Бул жердиң ҳәзирги ўақыттағы лимити 1100 орынлық. Ҳәзирги ўақытта 395 тутқын сақланбақта ҳәм олардың тек ғана 10 проценти диний экстремистлик жынаятлар ушын жынайы жуўапкершиликке тартылған адамлар болып табылады, – деп түсиник берген министр.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.